Хабарыңыз бар, Президент Пәрманына муўапық 2019-жыл 1-августтан баслап ең кем мийнет ҳақы 10 процентке көбейтиледи.

Көпшиликке белгили, нызамшылыққа муўапық, жәрийма ҳуқықбузарлық анықланған ўақыттағы белгилеп қойылған ең кем мийнет ҳақыдан келип шыға отырып белгиленеди. Соған муўапық, ҳәр қыйлы ҳәкимшилик жәриймаларының муғдарлары да 2019-жыл 1-августтан 10 процентке көбейтиледи, деп хабар берди «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Бунда жәриймалар ҳуқықбузарлықлар әмелге асырылған ўақыттағы ең кем мийнет ҳақы муғдары бойынша төленеди. Мәселен, 28-июль күни транспорт басқарыўшысына автомобильде ҳәрекетлениўде телефоннан пайдаланғаны ушын ҳәкимшилик протокол дүзилди. 1-августтан жәриймалар муғдары өзгериўине қарамастан, бул транспорт бул транспорт басқарыўшысы 60 күнниң ишинде 28-июльда әмелде болған жәрийманы (608 190 сум) төлеўи керек болады.

 

Өзбекстан Республикасында 2019-жыл 1-августтан ең кем мийнет ҳақының көбейиўи мүнәсибети менен жәрийма баҳалары төмендегише өзгереди:

 

– Қәўипсизлик белбеўин тақпағаны ушын: 111 500 сумнан – 223 000 сумға шекем;

– Телефоннан пайдаланғаны ушын: 669 000 сумнан – 1 115 000 сумға шекем;

– Телевизордан пайдаланғаны ушын: 223 000 сумнан – 1 115 000 сумға шекем;

– Тезликти арттырғаны ушын: 223 000 сумнан – 3 345 000 сумға шекем;

– Қызыл шырақта өткени ушын: 446 000 сумнан – 1 115 000 сумға шекем;

– Транспортты ҳүжжетсиз басқарғаны ушын: 223 000 сумнан – 2 230 000 сумға шекем;

– Қамсызландырыўсыз (страхование) машинаны басқарғаны ушын: 223 000 сумнан – 669 000 сумға шекем;

– Насаз транспорттан пайдаланғаны ушын: 669 000 сумнан – 1 115 000 сумға шекем;

– Мәс басқарыўшыға транспортты бергени ушын: 3 345 000 сум;

– Мәсликти тексериўден бас тартқаны ушын: 669 000 сумнан – 6 690 000 сумға шекем;

– Мәс ҳалда машинаны басқарғаны ушын: 5 575 000 сумнан – 8 920 000 сумға шекем;

– Авариядан соң қашып кеткени ушын: 6 690 000 сум;

– Пиядалар жолынан жүргени ушын: 223 000 сумнан – 892 000 сумға шекем;

– Сигнал ҳәм фара қағыйдасын бузғаны ушын: 223 000 сум;

– Фараларды айна тәризли етип қарайтқаны ушын: 223 000 сумнан – 446 000 сумға шекем;

– Темир жолдан өтиў қағыйдасын бузғаны ушын: 669 000 сумнан – 1 115 000 сумға шекем;

– Топар болып ҳәрекетленгени ушын: 669 000 сумнан – 1 115 000 сумға шекем;

– Авариялық жағдайды келтирип шығарғаны ушын: 1 115 000 сумнан – 4 460 000 сумға шекем;

– Өзгениң транспортына зыян жеткергени ушын: 446 000 сум;

– Жеңил дене жарақатын жеткергени ушын: 1 115 000 сум;

– Жол ҳәм жол объектлерине зыян жеткергени ушын: 2 230 000 сумнан – 3 345 000 сумға шекем;

– Мәмлекетлик автомобиль қадағалаў (ГАИ) хызметкериниң талабын орынламағаны ушын: 111 500 – 669 000 сум;

– Жүк тасыў ҳәм тиркеўге алыў қағыйдаларын бузғаны ушын: 1 115 000 сумнан – 3 345 000 сумға шекем;

– Машинада жеке байлық арттырыў: 446 000 сумнан – 1 115 000 сумға шекем;

– Пиядалар жол қағыйдасын бузғаны ушын: 66 900 сумнан – 669 000 сумға шекем.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.