«Жәмийетлик транспортлардың айналарын қарайтыў ҳаққында»ғы электрон жәмийетлик мүрәжат «Менинг фикрим» веб-порталында 1 суткада 10 мыңнан аслам даўыс топлады.
Мағлыўмат ушын, петицияда жәмийетлик транспортлар, яғный автобус ҳәм басқа жөнелисли транспорт қураллары айналарының жақтылық өткериўшеңлигин кеминде 50 ямаса 60 процентке шекем кемейтиў усыныс етилген еди.
Петиция порталда 29-июнь күни жәрияланған болып, 18-июль күни тек ғана 28 даўыс топлаған еди.
Мүрәжатлар белгиленген 90 күнлик мүддетте жетерли даўыс (10 000) топласа, ўәкилликли мәмлекетлик уйым – Министрлер Кабинети тәрепинен тийисли тәртипте көрип шығылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.