Жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Усы жылдың 17-июль күни саат 05:30ларда Ташкент қаласы Сергели районында жасаған 27 жасар Д.Н. басқарыўындағы «Opel Omega» маркалы автомашинасы Ташкент ўәлаятының Янгийўл районы Чортоқ мәҳәллеси аймағынан өтетуғын «Төменгишыршық-Ташкент» жолында айдап баратырып, усы жөнелисте өзинен алдын ҳәрекетленип кетип баратырған Наманган ўәлаяты Чортоқ районында жасаўшы 62 жасар А.И басқарыўындағы «DAF» маркалы  жүк автомашинасының артқы тәрепине урылып, жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген.

Нәтийжеде «Opel Omega» автомашинасы айдаўшысы ҳәм оның жолаўшысы, Сергели районында жасаған 22 жасар А.У. исмли ҳаял жарақат алып ўақыя орнында кайтыс болған. Жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар басқармасы.

ӨзА