Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-июль күни Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-президенти Сирил Мюллер басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманларды қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы ҳәм Жәҳән банки арасындағы узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгенлигин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бүгин Банк мәмлекетимиздеги әҳмийетли тармақларда қурамлы реформаларды белсене қоллап-қуўатламақта және олардың әмелге асырылыўында тиккелей қатнаспақта.

Быйыл 18-июль күни Ташкентте Экономикалық кеңестиң биринши мәжилиси және энергетика тараўын реформалаў бойынша дөгерек стол сәўбети табыслы өткерилди, онда бирге ислесиўдиң баслы әҳмийетли бағдарлары, келешектеги шерикликке байланыслы анық бағдарлама ҳәм жойбарлар белгилеп алынды.

Бүгинги күнде Өзбекстанда әмелге асырылған ҳәм даўам етип атырған жойбарлардың портфели жәми 5,2 миллиард доллардан асқан. Усы жылдың өзинде Жәҳән банки 850 миллион доллардан аслам болған және исбилерменлик, мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў, халықтың бәнтлигин арттырыў сықлы бағдарларды қамтып алған жаңа кредитлерди мақуллады.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы ҳәм коммунал инфраструктураны модернизациялаў, «Абат аўыл» бағдарламасын биргеликте қаржыландырыў, санлы экономиканы раўажландырыўға байланыслы жойбарлар ислеп шығылмақта.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәм Жәҳән банки арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Банк-қаржы секторын ҳәм мәмлекетлик кәрханаларды реформалаў, билимлендириў, исбилерменлик ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сирил Мюллер мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Жәҳән банки президенти Девид Мелпасстың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Банк Өзбекстанда әҳмийетли тармақларда әмелге асырылатуғын қурамлы реформалардың тезлигин ҳәм нәтийжелилигин жоқары баҳалап атырғанлығы атап өтилди.

Сирил Мюллер мәмлекетимиз ҳәм пүткил регионның турақлы раўажланыўы жолында Өзбекстан Республикасы менен көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында Жәҳән банкиниң умтылысы исенимли екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА