Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева 18-июль күни Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-президенти Сирил Мюллер менен сөйлесиў өткерди.

Ушырасыўда Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында болып атырған өзгерислер, соның ишинде, экономикалық-социаллық бағдарларда әмелге асырылып атырған жаңаланған сиясат мийнет ҳуқықы, халықтың саламатлығы, билимлендириў сыяқлы тараўларда сезилерли нәтийжелерге ерисиў имканиятын берип атырғанлығы атап өтилди. Бунда Жәҳән банки менен биргеликте енгизилип атырған жойбарлар әҳмийетли орын ийелемекте.

Сирил Мюллер Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған реформалар, бәринен бурын, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылғанлығын атап өтип, мәмлекетимизде қысқа мүддетте гендер теңлигин тәмийинлеў, мәжбүрий мийнетке шек қойыў бойынша сезилерли нәтийжелерге ерисилгенлигин жоқары баҳалады.

Ушырасыўда Өзбекстанда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, экономиканың әҳмийетли тармақлары, ири жойбарлар ҳәм бағдарламалардың орынланыўына сырт ел инвестициялары, соның ишинде, халықаралық финанс институтларының инвестицияларын тартыў бағдарында бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.

photo5296793835864697761.jpg

photo5298692284423974040.jpg

photo5296793835864697762.jpg

photo5298692284423974041.jpg

Улуғбек Шоназаров

ӨзАның хабаршысы