Бүгин, 9-июль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2018-2019-оқыў жылында бакалавиатура ҳәм магистратура басқышларын табыслы тамамлап, өндирис ҳәм халық хожалығы тараўларында мийнет етиў ушын қанат қомлап атырған питкериўши жасларға диплом тапсырыў салтанатына арналған «Ҳақ жол сизге, питкериўши!» атамасындағы илаж болып өтти.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди ҳәм басқарып барды.

Питкериў кешесинде «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Кәримов, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Қ.Юсупов, сондай-ақ, институттың ветеран профессор-оқытыўшылары, питкериўши магистр ҳәм студент жаслар, сондай-ақ, олардың ата-аналары сөзге шығып, 85 жыллық тарийхқа ийе болған бул дәргайдан республикамыздың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын жемисли мийнет еткен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер жетилисип шыққаны, бүгинги күнде институтта жаслардың билим ҳәм илим сырларын толық меңгериўи ушын жаратылған шараятлар ҳаққында атап өтти.

2018-2019-оқыў жылында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын улыўма 22 бакалавр бағдары бойынша 1282 студент ҳәм 8 магистратура қәнигелиги бойынша 32 магистрант табыслы питкерип шықты. Олардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде халық билимлендириў, сондай-ақ, бир қанша илим ҳәм өндирислик орынлар менен үш тәреплеме шәртнамалар дүзилип, әмелий жумыслар алып барылды.

Институт студентлери жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, республикалық ҳәм халықаралық көлемде өткерилип атырған ҳәр қыйлы таңлаўлар ҳәм жарысларда сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Быйылғы оқыў жылында институттың 4 студенти Өзбекстан көлеминде өткерилген мәмлекетлик стипендиялар таңлаўында жеңимпазлықты қолға киргизген болса, спорт тараўында волейбол бойынша институт қызлар сайланды командасы өткен жылдың сентябрь айында болып өткен Өзбекстан суперкубогында абсолют жеңимпазлықты қолға киргизди. Сондай-ақ, дене мәденияты факультети студенти Набира Есенбаева сентябрь айында Словакияның Трнава қаласында еркин гүрес бойынша жаслар арасында өткерилген жәҳән чемпионатында 2-орынды ийелеп, Өзбекстан ҳаял-қызлар спорты тарийхына кирди.

Және де институттың «Туран» командасы Өзбекстан көлеминде өткерилген «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының финал басқышында қатнасып, сыйлы 2-орынды ийеледи.

– Быйылғы оқыў жылы оғада табыслы ҳәм әўметли келди. Республикалық ҳәм халықаралық көлемдеги жарысларға қатнасып, сыйлы орынларды ийеледим, – дейди музыкалық тәлим бағдары питкериўшиси Нурмухан Жубатқанов. – Устазларымның берген билим ҳәм көнликпелери нәтийжесинде Қазақстан Республикасының «Ерең еңбеги ушын» медалы менен сыйлықландым.

Институттың волейбол бойынша қызлар сайланды командасы қолға киргизилген табыслар менен тоқтап қалмастан усы жылдың 19-24-май күнлери Ташкент қаласында өткерилген жоқарғы лига командаларының ХXVI Өзбекстан чемпионатында 1-орынды ийелеп, команда ағзаларының барлығы «Өзбекстан спорт устасы» дәрежесин алыўға еристи.

Соның менен бирге, быйыл Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында биринши мәрте өткерилген Халықаралық бақсышылық фестивалында институттың музыкалық тәлим бағдары студенти Муҳаммед Төребеков ашық даўыста дәстан айтыў жөнелиси бойынша 3-орынды ийеледи.

Студентлердиң ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген «Тафаккур синовлари» республикалық таңлаўында институттың «Ғәрезсизлик жаслары» командасы дәслеп Қарақалпақстан, соңынан аймақлық басқышта жеңимпаз болып, финал басқышына жоллама алды.

Институттың музыкалық тәлим бағдары студенти, талантлы бақсы қыз Динара Нуратдинова июль айында Польшаның Лодзь қаласында өткерилген «Золотоя лодка» атамасындағы жас фольклор атқарыўшыларының халықаралық IX фестивалында гран-при жеңимпазы болды.

Булардың барлығы институтта жасларға жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлардың нәтийжеси болып табылады.

Илажда жуўмақланып атырған оқыў жылында усындай белсендилиги менен қатарласларына үлги болған, оқыўда, илимий жумысларда жақсы нәтийжелерге ерискен бир топар студент ҳәм магистрантларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.