Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдағы 4359-санлы қарарына муўапық, 2019-2020-оқыў жылында республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги билимлендириў тәризине мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлеринен мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў шеңберинде халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған аймақлар ушын мақсетли қабыллаў көрсеткишлери белгиленди.

 

2019-2020-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл, Тахтакөпир, Мойнақ ҳәм Елликқала районларына мақсетли қабыллаў ушын Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 11 тәлим бағдары бойынша 61 орын ажыратылды.

 

Математиканы оқытыў методикасы – 9 орын.

Төрткүл районы ушын – 3 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;

Мойнақ районы ушын – 2 орын;

Елликқала районы ушын – 3 орын.

 

Физика ҳәм астрономияны оқытыў методикасы – 4 орын.

Төрткүл районы ушын – 1 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;

Мойнақ районы ушын – 1 орын;

Елликқала районы ушын – 1 орын.

 

Химияны оқытыў методикасы – 4 орын.

Төрткүл районы ушын – 1 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;

Елликқала районы ушын – 2 орын.

 

Биологияны оқытыў методикасы – 6 орын.

Төрткүл районы ушын – 1 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;

Мойнақ районы ушын – 2 орын;

Елликқала районы ушын – 1 орын.

 

Географияны оқытыў методикасы – 5 орын.

Төрткүл районы ушын – 2 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;

Елликқала районы ушын – 1 орын.

 

Тарийхты оқытыў методикасы – 2 орын.

Елликқала районы ушын – 2 орын.

 

Информатиканы оқытыў методикасы – 4 орын.

Төрткүл районы ушын – 1 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын;

Мойнақ районы ушын – 1 орын;

Елликқала районы ушын – 1 орын.

 

Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты – 7 орын.

Төрткүл районы ушын – 1 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;

Мойнақ районы ушын – 2 орын;

Елликқала районы ушын – 2 орын.

 

Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты – 5 орын.

Төрткүл районы ушын – 2 орын;

Мойнақ районы ушын – 3 орын.

 

Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили – 12 орын.

Төрткүл районы ушын – 4 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 2 орын;

Мойнақ районы ушын – 3 орын;

Елликқала районы ушын – 3 орын.

 

Баслаўыш билимлендириў ҳәм спорт тәрбиялық жумысы – 3 орын.

Төрткүл районы ушын – 2 орын;

Тахтакөпир районы ушын – 1 орын.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.