30-июнь ҳәм 2-июль күнлери Өзбекстанға Түркменстан арқалы Ираннан ыссы ҳәм қурғақ ҳаўа кирип келмекте.

30-июнь ҳәм 1-июль күнлери Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятында, 1-2- июль күнлери республикамыздың қалған аймақларында орташа дәрежеден 5-7 градус жоқары аномал ыссы болыўы күтилмекте.

Күндизги ўақытлары ҳаўаның ыссылығы арқада +40…+43 градусқа шекем, қубла ҳәм шөл зонасында  +44…+45 градусқа шекем көтерилиўи күтилмекте.

ӨзА