Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 21-июнь күни Олий Мажлис Сенатының 20-улыўмалық мәжилисинде Өзбекстан Республикасының «Қурал ҳаққында»ғы нызамының жойбары мақулланды.

Нызамның Сенат тәрепинен мақулланыўы кең жәмийетшилик ўәкиллери, әсиресе, социаллық тармақлардың пайдаланыўшыларының пикир-таласларын келтирип шығарды. Олар арасында нызамда келтирилген «Пуқаралық қурал не? Оған қандай қураллар киреди?» мазмунындағы сораўлар ҳәўиж алды.

 

Нызам бойынша қурал мақсети ҳәм тийкарғы параметрлери және классификацияларына қарай 3 түрге ажыратылды:

1) Пуқаралық қурал;

2) Хызмет қуралы;

3) Жаўынгерлик қурал.

 

Социаллық тармақлар пайдаланыўшыларының сораўларын есапқа алып нызамда пуқаралық қурал ҳаққындағы түсиндирмени келтирип өтпиўди мақул көрдик.

 

Пуқаралық қурал – аңшылық ҳәм спорт пенен шуғылланыў ушын, сондай-ақ, өзин-өзи қорғаў мақсетинде пайдаланыў ушын арналған қурал. Пуқаралық қурал аңшылық, спорт ҳәм өзин-өзи қорғаў қуралларына бөлинеди.

 

Өзин-өзи қорғаў қуралы:

* Газли қурал – көзден жас ағызатуғын ямаса көзди ашытатуғын элементлер менен толтырылған газли баллоншалар, механикалық пүркеўишлер, аэрозоллы қурылмалар ҳәм басқа қурылмалар;

* Электрошок қурылмалары, ушқын шығарғышлар ҳәм зыян жеткериў тәсири электр энергиясынан пайдаланыўға тийкарланған басқа қурылмалар.

 

Пуқаралық оқ атар қурал қатара оқ үзбейтуғын болыўы ҳәм барабанның сыйымлылығы он дана патроннан артық болмаўы керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.