2019-жылдың 1-июль күнине шекем «Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша электрон арза жоллаў» ҳәм «Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыллаў нәўбетин тексериў» мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў ўақытша тоқтатылады. Бул ҳаққында Мәмлекетлик хызметлер агетлигине тийкарланып, «Дарё» хабар бермекте.
Соңғы ўақытларда Мәмлекетлик хызметлер агентлигине мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери системасындағы нәўбетлер позицияларының өзгериўи менен байланыслы бир неше мүрәжатлар келип түсти.
Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң мүрәжатына муўапық, мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў системасын жетилистириў ушын жеңиллиги болған балаларды электрон нәўбетке қойыўда арнаўлы есапқа қойыў ҳәм мониторинг етиў системасы енгизилмекте.
Бул жумыслар системалы машқалаларды сапластырыў ҳәм олардың алдын алыў, сондай-ақ, усы хызметти көрсетиўде инсан факторын пүткиллей жоқ етиў ҳәм толық автоматластырыў ушын әмелге асырылмақта.
Сол себепли, 2019-жыл 1-июльға шекем электрон нәўбет Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында қайта тикленеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.