Хабарыңыз бар, быйылғы жылғы жоқары оқыў орынларына қабыллаў процесинен баслап алдынғы оқыў жылларында питкерген абитуриентлер (майыплығы болған ямаса толық мәмлекетлик тәмийнаттағы шахслар буларға кирмейди) ең кем мийнет ҳақының ярым есеси (ҳәзирги ўақытта бул 101 365 сумды қурайды) муғдарындағы төлем төлегеннен соң ҳүжжетлери қабылланады.

Хош, абитуриентлер бул төлемди қай жерге төлейди?

 

1) Банк кассаларына;

2) Мәмлекетлик хызметлер орайларындағы банк кассалары ямаса орай хызметкерлерине;

3) Онлайн тәризде.

 

Бул жерде онлайн тәризде қалай төлеў имканияты бар? деген сораў пайда болады.

Жуўап төмендегише:

Абитуриентлер төлемди онлайн төлеўи ушын дәслеп төлем квитанциясын жаратып алыўы керек. Буны төмендегише әмелге асырыў мүмкин:

А) Биометриялық паспортқа ийе болған абитуриентлер Мәмлекетлик тест орайының pay.dtm.uz сайты арқалы өзине төлем квитанциясын жаратып, шығарып алыўы мүмкин. Буның ушын жеке идентификациялық номери, паспорт сериясы ҳәм номери және телефон номерин киргизип, «Яратиш» түймеси басылады.

Б) Биометриялық паспортқа ийе болмаған (паспорт жасына жетпеген ямаса пуқаралығы болмаған) абитуриентлер болса Мәмлекетлик хызметлер орайларына ямаса жоқары оқыў орынларына барып, шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти усынған ҳалда төлем квитанциясын шығарып алады.

Усы орында бир еслетпе, шығарылған квитанцияны банкке апарып, сол жерде де төлем әмелге асырыў мүмкин. Ямаса банк пластик карталары болса, квитанция қәлиплесип болғанда «Пластик карта арқалы төлеў» түймеси пайда болады. Түймени бассаңыз төлеў системасына өтип, квитанциядағы инвойс номерин киргизиў арқалы төлемди әмелге асырыў мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.