Дүньяның 40тан аслам мәмлекетлери Қытай мәмлекетиниң басламасы менен өткерилип атырған «Бир мәкан – бир жол» жойбарына қатнаспақта. Соның ишинде Өзбекстан мәмлекети де бул жойбарға қатнасып атыр. Жойбар тийкарында Пекин тиллер университети профессоры Гуо Фенглань басшылығында Қытай алты мәмлекетте (Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Лаос, Мьянма, Вьетнам) жасайтуғын халықлардың тиллик корпусын қәлиплестириў жойбары тастыйықланған.

«Өзбекстанның тиллик корпусын қәлиплестириў» деген темадағы киши жойбарға қарақалпақ тили бойынша белгили илимпаз Қарақалпақ мǝмлекетлик университети профессоры, филология илимлериниң докторы Шамшетдин Абдиназимов қатнасып атыр. Жойбар жумысларын жуўмақлаў мақсетинде профессор Ш.Абдиназимов бир айлық илимий сапарға Қытайға  кетти.

Соның менен бирге, университет профессоры Ш.Абдиназимов Минцзу университетиниң уйғыр тили, қазақ тили қәнигелиги профессор-оқытыўшылары, магистрантлары ҳәм студентлери, сондай-ақ, докторантларына лекция оқымақта.

Профессор Минцзу университети студентлерине түркий тиллериниң раўажланыў басқышлары, қарақалпақ халқы ҳәм оның тилиниң тарийхы, қарақалпақ тилиниң изертлениўи бойынша лекциялар оқымақта.

Ш.Абдиназимов халық аралық илимий жойбарларда белсене қатнасып атырған илимпазлардың бири. Ол 1994-жылы Түркияның пайтахты Анкара қаласында 6 ай даўамында «Түркий тиллериниң салыстырмалы грамматикасы» бағдарламасының орынлаўшыларының бири болған еди. 2017-2018-жыллары Астанадағы Евразия университети илимпазлары менен бирликте «Қазақ пенен қарақалпақ тиллериниң салыстырмалы грамматикасы» жойбарын орынлап 2017-жылы Астанада, 2018-жылы Алмата қалаларында монографиясы жǝрияланған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги