14-июнь күни саат 20:30 лар шамасында Нөкис қаласындағы 26-киши район тәрепте жумыстан қайтып киятырған ўақытта күшли самал есип, қумлы даўыл көтерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Айырықша жағдайлар басқармасының мағлыўматларына қарағанда, самалдың тезлиги 18-23 м/с қа тең болған екен. Күшли самал батыс тәрептен есип, жердеги қумларды ҳаўаға көтерди. Қум ақыбетинен аралықты көриў дәрежеси бираз шекленди.
Даўыл 5-6 минут даўам етти. Ақыбетлерин төмендеги өзим түсирген фотолардан көриўиңиз мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.