Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ҳәм Мәденият министрлигиниң бул усынысын Президент мақуллады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-июньде «Өзбекстан Республикасы халқына мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Халыққа мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди және де жетилистириў, мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң жумысын раўажландырыў мақсетинде төмендегилер халыққа мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди сапа жағынан және де раўажландырыў тараўындағы тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленди:

  • мәлимлеме-коммуникация технологияларының раўажланыўы ҳәм заманагөй пүткил дүнья жүзилик тенденцияларды есапқа ала отырып, мәлимлеме-китапхана жумысын реформалаў;
  • халыққа мәлимлеме-китапхана хызметлерин көрсетиў бойынша социаллық кепилликлерди сапалы тәмийинлеў және заманагөй талапларды есапқа алған ҳалда мәлимлеме-китапхана мәкемелерин раўажландырыў мақсетинде нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў;
  • аймақларда халыққа мәлимлеме-китапхана хызметлерин көрсетиўди турақлы раўажландырыўға көмеклесиў;
  • мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде, жаңа имаратларды қурыў, бар имаратларды реконструкциядан шығарыў, оларды заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў;
  • китапхана тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти, жеке меншик ҳәм электрон (виртуал) китапханалар тармағын раўажландырыў;
  • китапханалар жумысының нәтийжелилигин ҳәм пайдаланыўшыларға хызмет көрсетиў (соның ишинде, пуллы хызмет көрсетиў) тезлигин арттырыў ушын электрон китаплар тарқатыўға қәнигелескен интернет-ресурслар менен бирге ислесиўди кеңейтиў;
  • мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң қәўипсизлигин және миллий ҳәм жер жүзилик мәдений мийрастың бир бөлеги сыпатында мәәлимлеме-китапхана фондларының жақсы сақланыўын тәмийнлеў;
  • жәмийеттиң мәлимлеме мәдениятын, тарийхымызға ҳәм миллий мәдениятқа қызығыўшылығын қәлиплестириў ҳәм күшейтиў, китап оқыў мәдениятын арттырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў;
  • мәлимлеме-китапхана мәкемелерин жоқары қәнигеликке ийе кадрлар менен тәмийинлеў.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ҳәм Мәденият министрлигиниң 21-майды Китапханашылар күни етип белгилеў ҳаққындағы усынысын мақуллады. Онда китапханашыларды көп жыллық ҳадал мийнети ҳәм мәлимлеме-китапхана тараўын раўажландырыўға қосқан үлеси ушын мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў ҳәм хошаметлеў нәзерде тутылатуғыны белгиленди.

 

ӨзА