Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 20-декабрьдеги қарары менен «205-2027-жылларда мәмлекетлик сатып алыўлар системасын және де  жетилистириў ҳәм раўажландырыў стратегиясы» тастыйықланды.

Бул стратегия мәмлекетлик сатып алыўлар процесслерин экологиялық турақлы ҳәм кең бәсекиге тийкарланған ҳалда жетилистириў ҳәм «жасыл» сатып алыўлардың үлесин арттырыўды мақсет еткен. Сондай-ақ, қоршаған орталықты  қорғаў ҳәм экологиялық зыянларды азайтыўға қаратылған илажлар белгиленди.

Қарарда жергиликли ислеп шығарыўшыларды, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм майыплығы болған шахслардың мийнетинен пайдаланатуғын киши бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар берилген. Мәмлекетлик сатып алыўлар процесиниң барлық басқышларында санластырыўды енгизиў ҳәм электрон сатып алыўлардың үлесин арттырыў ўазыйпалары да нәзерде тутылған.

Сондай-ақ,  сатып алыў процесслерин турақлы мониторинг етиў ҳәм нәтийжели қадағалаў орнатыў мақсетинде бирден бир басқарыў системасын жаратыў ўазыйпасы да белгиленди. Стратегияны әмелге асырыў ушын 2025-2027-жылларға  мөлшерленген илажлар режеси тастыйықланды. Бул ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлиги хабар берди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА