Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-декабрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевти туўылған күни менен шын жүректен қутлықлады.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшисиниң мәмлекеттиң ғәрезсизлигин беккемлеў, аймақтың аўызбиршилигин тиклеў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм халықаралық абырайын жоқарылатыўдағы тарийхый ролин айрықша атап өтти.
Президентлер жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан- Әзербайжан дослық ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шықты.
Ҳәзирги Еки тәреплеме бирге ислесиўди жедел раўажландырыў жолында биргеликте исленген жумыслар нәтийжели болғаны үлкен қанаатланыўышылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көлеми жоқары пәтте өсип бармақта, автомобиль қурылысы, тоқымашылық, электротехника, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа тармақларда кооперация жойбарлары жедел басқышта. Мәдений-гуманитарлық алмасыўдың илажларға бас бағдарламасы әмелге асырылмақта.
Өзбекстан ҳәм Әзербайжан басшылары халықаралық күн тәртиби бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин көрип шықты.
ӨзА