Үлкен арзыў-нийетлер ҳәм мақсетлер менен баслаған 2024-жылдың соңы жақынлар екен, жыл даўамында ерискен нәтийжелер, қолға киргизген табыслар, арттырылған тәжирийбе ҳәм көнликпелерге бир нәзер таслап, алдымызға буннан да жоқары шеклерге жетиўди тилеймиз.
2024-жыл мәмлекетимиздеги туңғыш жоқары оқыў орны сыпатында республикамыздың билимлендириў ҳәм халық хожалығының түрли тараўларына жоқары потенциаллы маман қәнигелерди тәрбиялап шығарып атырған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ушын тарийхый әҳмийетке ийе жыл болды.
Институтта жуўмақланыў алдында турған 2024-жылда айрықша белсендилик көрсетип, жоқары нәтийжелерге ерискен жасларды хошаметлеў, олардың мийнетлерин мүнәсип баҳалаў ҳәм басқаларға үлги етип көрсетиў мақсетинде сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажда институт ректоры Қувондиқ Қодиров сөзге шығып, есик қағып турған жаңа 2025-жыл менен жыйналғанларды қутлықлап, өзиниң жақсы тилеклерин билдирди. Жуўмақланып атырған 2024-жылда институтта жүз берген әҳмийетли ўақыялар, қолға киргизилген табыслар ҳаққында айта келип, келеси жылда әмелге асырылатуғын жумысларға тоқтап өтти.
Мәмлекетимиз басшысының тиккелей итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде мәмлекетлик бюджет есабынан 76 миллиард сум қаржы ажыратылып Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы қарсаңында еки мың орынлық жаңа оқыў имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы тек ғана институт жәмәәти ушын емес, соның менен бирге, пүткил Қарақалпақстан Республикасы халқы ушын байрамға мүнәсип саўға болды.
Елимиздеги туңғыш илим-билим дәргайы болған институтымыздың 90 жыллық торқалы тойы, соның менен бирге, усы оқыў орнына аты берилген уллы классик шайырымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллық юбилейлерин республикалық ҳәм халықаралық дәрежеде белгиледик.
Бүгинги күнде педагогикалық институтта 600 ге шамалас тәжирийбели профессор-оқытыўшылар 17 мыңнан аслам студентлерге тәлим-тәрбия берип келмекте. Олардан 231 оқытыўшы илимий дәрежеге ийе. Соңғы 3 жылда 82 профессор-оқытыўшы илимий жумысларын табыслы қорғап шығып, илимий дәрежеге ийе болды. Профессор-оқытыўшылар тәрепинен министрлик гүўалығына ийе 55 сабақлық, 97 оқыў қолланба, 43 монография таярланды ҳәм басып шығарылды.
Бүгинги күнде дүньяның «ТОП-1000»лық дизимине киретуғын 62 жоқары оқыў орны менен шәртнама ҳәм меморандумлар дүзилген болып, соннан 15 жоқары оқыў орны QS (Quacquarelli Symonds World University Ranks), THE (Times Higher Education) ҳәм ARWU (The Academic Ranking of World Universities) халықаралық рейтинглеринен орын алған.
Усы шәртнамалар тийкарында өткен жыл даўамында институттың 50 ден аслам профессор-оқытыўшылары сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў орайларына қәнигелигин жетилистириў, семинар өтиў, илимий концеренцияларда қатнасыў, лекция оқыў мақсетинде илимий стажировкаларға жиберилген болса, дүньяның «ТОП-1000»лық дизимине киретуғын жоқары оқыў орынларынан 14 профессор-оқытыўшы ҳәм қәнигелер институттың илимий-педагогикалық жумысларына шақырылды.
Соның менен бирге, институт студентлери халықаралық ҳәм республикалық пән олимпиадалары, таңлаўлар, спорт ҳәм интеллектуаллық жарыслар, фестиваль, конференция, форум ҳәм симпозиумларда жоқары орынларды ийеледи. «Тумарис» халық ансамбли ағзалары ҳәм қәбилетли студентлер халықаралық таңлаўларда жоқары нәтийжелерге ерисип, республикамызда өткерилген ҳәр қыйлы байрам салтанатлары, халық сейиллери ҳәм тамашаларында өзлериниң шеберликлерин, талантын көрсетти.
Институттың студент-жаслары спорт түрлери бойынша Өзбекстан, Қарақалпақстан, Азия ҳәм Жәҳән бириншиликлеринде үлкен табысларға еристи.
Әлбетте, бундай нәтийжелерге ерисиўде институтта жаратылып атырған шараятлар, итибар және қоллап-қуўатлаўдың әҳмийети үлкен.
Илажда усындай жоқары нәтийжелерге ерискен студент-жаслар түрли номинациялар бойынша сыйлықланды.
Сыйлықлаў мәресими «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлердиң атқарыўындағы байрам концерти менен даўам етти.
Институтта жаңа жыл байрамы илажлары даўам етпекте.
Ислам Матеков, Әжинияз атындағы НМПИ баспасөз хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги