Соңғы ўақытларда Бәсеки комитетине көп квартиралы турақ жайлардың қурылысы бойынша мүрәжатлар көбейген. Соның ишинде, быйылғы жылдың өткен дәўиринде 1700ге шамалас мүрәжатлар келип түскен. Көрилген илажлардың нәтийжесинде 20 миллиард сумға шамалас қаржылар тутыныўшылардың пайдасына қайта есап-санақ етилди.
Бул жағдайлар бойынша республикадағы 129 қурылыс кәрханаларының шәртнамалары талланғанда көплеген кемшиликлер бар екенлиги анықланды.
« Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамға тийкарланып, мәмлекет тутыныўшылардың товар (жумыс, хызмет) сатып алыўы ҳәм оннан пайдаланыў ўақтындағы ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплери қорғалыўын кепиллеў, тутыныўшы сатыўшы менен шәртнамалық қатнасықларда нызамшылықта нәзерде тутылған өз талапларының қанаатландырыўы ушын тийкарғы ҳуқыққа ийе екенлиги белгиленген.
Комитет турақ жай сатып алыўда шәрнама шәртлери менен толық танысып шығыўды, тийкарғы жақлары, яғный қурылыс мүддетлери, тәреплердиң ҳуқық ҳәм миннетлери, олардың өз-ара тең салмақлығы, қурылыс ҳәм пайдаланыўға тапсырыў мүддетлери, мүддетлер бойынша жуўапкершилик нәзерде тутылғанлығына, компанияның ис тәжирийбеси ҳәм қурыўшының исенимлилигине исеним билдириўди сорап қалады. Онда электрон дизим ҳәм «Ашық қурылыс» системасында бар екенлигин ашық дереклерден тексериў мүмкин.
Н.Раҳмонова, ӨзА