Ташкентте Өзбекстан  Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў  бойынша мәмлекетлик комитети БМШ раўажланыў бағдарламасының мәмлекетимиздеги ўәкилханасы халықты қоршаған орталықты корғаўға тартыў мәселелерине бағышлап  мәжилис өткерди.

5-июнь – Дүнья жүзилик қоршаған орталықты корғаў күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда тийкарғы итибар инсанның саламатлығы ушын улкен қәўип туўдырып атырған санаат, транспорт, шығындылардан  атмосфера ҳаўасына тарқалып атырған зыянлы элементлерди азайтыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжесине қаратылды.

Бизге белгили, қум, дуз боранлары ҳәм басқа да тәбийғый  жағдайлар тәбиятқа зыян келтирмекте. БМШның мағлыўматына қарағанда, ҳәр жылы 7 миллионға шамалас адам патасланған ҳаўадан дем алыўы себепли қайтыс болады. Жәҳән банки болса мәмлекетлердиң ҳаўа патасланыўынан көрилген зыяны 5 триллион АҚШ долларын қурағанлығын атап өтти. Шыпакерлердиң пикиринше, ҳаўаның кескин патасланыўы нәтийжесинде адамда астма сыяқлы узақ даўам ететуғын кеселликлер раўажланып, балалардың ақыл жағын раўажланыўы төменлемекте.

Илажда усы жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Тийкарынан өсип киятырған жас әўладта экологиялық билим, сана ҳәм мәдениятты қәлиплестириў және раўажландырыў, экологиялық тәлим-тәрбия процесин нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан  Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында Экологиялық билим бериўди раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Ҳәзирги ўақытта усы хүжжетте белгиленген ўазыйпаларды орынланыўы бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда , Арал теңизиниң суўы қурыған ултанынан көтерилген қум, дуз ҳәм шаң бөлекшелериниң унамсыз тәсирин азайтыў, усы аймақларда шөл өсимликлеринен қорғаў тоғайлықларын қурыў нәтийжели шөлкемлестирилип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе. Келешекте бул жерде 500 мың гектар майданда қорғаў тоғайлықларын дүзиў нәзерде тутылған.

Илажда журналистлер усы мәселе бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап алды.

Г.БОБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы.