Қырғызстан Республикасы Ош қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Қырғызстан Республикасы Жогорку Кенеши арасында бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссиясының екинши мәжилиси болып өтти.

Илажда бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссия ағзалары, еки мәмлекеттиң шегаралас аймақлары – Әндижан, Ферғана, Наманган ўәлаятының ҳәкимлери, Ош, Жалалабад, Боткен ўәлаятларының ўәкилликли уйымларының басшылары, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери қатнасты. Онда парламентлераралық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Мәжилисте еки мәмлекет арасында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарлардағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм буннан былай да раўажландырыў, онда парламентлераралық комиссия имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша пикир алысылды.

Кейинги жылларда Өзбекстан – Қырғызстан қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди, бирге ислесиў көлеми барлық бағдарларда кеңейди.

14.JPG

– Өзбекстан менен Қырғызстан арасында саўда көлеми усы жылдың өткен дәўиринде үш есеге артты, – деди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары, Парламентлераралық комиссияның жәрдемши баслығы Содиқ Сафоев. – Әсиресе, туризм, мәденият, илим ҳәм басқа да бир қатар бағдарлардағы бирге ислесиўде жаңа дәўир басланды. Бул өз гезегинде, еки халық арасындағы дослық, жақын қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўге хызмет етпекте.

Мәжилисте саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, шегара аймақларындағы қатнасықлар, өткериў пунктлериниң жумысына байланыслы мәселелер, сондай-ақ, комиссия жумысын шөлкемлестириўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, оның нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелге асырылған жумысларға жоқары баҳа берилди.

– Ҳәзирги күнде Қырғызстан – Өзбекстан шегара аймақларын белгилеў мәселеси бойынша 85 процент келисимге ерисилген, – деди Қырғызстан Республикасы Жогорку Кенеши Аграр сиясат, суў ресурслары, экология ҳәм аймақлық раўажланыў комитети баслығының орынбасары Алмазбек Акматов. Бул бағдарда тек ғана парламентлераралық емес, ал  ҳүкиметлераралық комиссия да жумыс алып бармақта. Жақын ўақыт ишинде анықлық киргизилиўи зәрүр болған шегара аймақлар бойынша да бир шешимге келетуғынына исенемиз.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Н.Йўлдошевтың Қырғызстан Республикасына режелестирилип атырған сапарына байланыслы мәселе де көрип шығылды.

Парламентлераралық комиссияның мәжилиси күн тәртибинен орын алған барлық мәселелер додаланып, келешектеги ўазыйпалар, биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды. Комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў бойынша мәсләҳәтлесиў өткерилди.

Илаж соңыңда Парламентлераралық комиссия мәжилиси нәтийжели өткени атап өтилди. Бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша анық жоба ҳәм илажлар белгилеп алынды.

17.JPG

20.JPG

27.JPG

Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,

ӨзАның хабаршысы