Қытай мǝмлекети Пекин қаласындағы Орайлық тиллер университети ҳǝм Минцзу университетлери илимпазлары «Бир мǝкан бир жол» жойбары шеңберинде Қытай менен қоңсылас 6 мǝмлекет (Ɵзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Вьетнам, Лаос, Мьянма) халықлары тиллериниң корпусын қǝлиплестириў бағдарламасы тийкарында илимий изертлеў жумысларын алып барып, бул мǝмлекетлердеги халықаралық тиллериниң сөзлигин дүзиў жумысларын қолға алған. Бул жойбарға қарақалпақ тили бойынша белгили илимпаз Қарақалпақ мǝмлекетлик университети профессоры, филология илимлериниң докторы Шамшетдин Абдиназимов қатнасып атыр. Жойбар жумысларын жуўмақлаў мақсетинде профессор Ш.Абдиназимов бир айлық  илимий сапарға Қытайға жөнеп кетти.

Илимпаз буннан алдынлары да қарақалпақ тилин халықаралық жойбарлар тийкарында дүньяға танытыўда белсене қатнасып, өзиниң үлкен үлесин қосып келмекте.

1994-жылы Түркияның пайтахты Анкара қаласында 6 ай даўамында «Түркий тиллериниң салыстырмалы грамматикасы» бағдарламасының орынлаўшыларының бири болған еди. 2017-2018-жыллары Астанадағы Евразия университети илимпазлары менен бирликте «Қазақ пенен қарақалпақ тиллериниң салыстырмалы грамматикасы» жойбарын орынлап 2017-жылы Астанада, 2018-жылы Алмата қалаларында монографиясы жǝрияланған еди. Биз илимпаздың илимий сапары сǝтли болыўын ҳǝм тилимизди дүньяға танытыўдай ийгиликли ислеринде табыслар тилеймиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.