Бүгин «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында тараўдағы жаңалықлар ҳәм өзгерислер ҳаққында тиккелей эфирде «Ашық микрофон» көрсетиўи арқалы халқымызға мағлыўматлар бериў, оларды қызықтырған сораўларға жуўап бериў жобаластырылған.

Көрсетиў саат 21:15 те тиккелей эфирде алып көрсетиледи. Сораўларға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими және Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған жоқары оқыў орынларының жуўаплы хызметкерлери толық түрде жуўап бериўи күтилмекте.

Сораўлар, усыныслар ҳәм мүрәжатларды +99861 2265311, +99861 2265314 ҳамда +99861 2265315 телефон номерлерине жоллаўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.