Нөкис қаласындағы Президент мектебине ҳүжжетлер Нөкис қаласы, Аллаяр Досназаров көшеси, Ибрайым Юсупов атындағы Мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатында қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди қабыллаў процесси 2019-жыл 1-июньнан 22-июньға шекемги аралықта болып өтеди. Қабыллаў 22-июнь күни саат 17:00 де жуўмақланады. 17:00 ден баслап ҳүжжетлер қабыл етилмейди ҳәм көрип шығылмайды.

Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде талабанлар Президент мектеплериниң pm.xtv.uz сайтына ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Онлайн қабыллаў 21-июнь күни саат 24:00 де жуўмақланады.

Сондай-ақ, +99871 2077222 телефон номерине қоңыраў етиў арқалы Президент мектебине қабыллаў бойынша толық мағлыўмат алыў мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.