«Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы Нызамда белгиленген норма талапларынан келип шығып, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 147- ҳәм 245-статьяларына тийисли қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.

Оған муўапық, автомобиль жолларын өзбасымшалық пенен қазыў, оларда жасалма ойықлар ҳәм тосықлар жаратыў, жумыслар алып барыў ушын берилген рухсатнама талапларын орынламаў және сақлаў қағыйдаларын бузғаны ушын тек ғана лаўазымлы шахсларға емес, соның менен бирге, пуқараларға да жәрийма белгилеў нәзерде тутылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.