Ташкент, Наманган, Нөкис ҳәм Хийўадағы Президент мектеплерине ҳүжжетлер 2019-жыл 1-июньнан 22-июньға шекемги аралықта тапсырылады. Быйылғы жылы Президент мектеплерине оқыўшылар 5-10-классларға, келеси жылдан баслап тек ғана 5-классқа оқыўшылар қабылланады.

Талабанлар туўылғаны ҳаққындағы гүўалық, 2018-2019-оқыў жылындағы табелиниң түп нусқасы және оқып атырған мектебинен белгиленген формадағы мағлыўматнаманы усыныўы керек.

Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде талабанлар Президент мектеплериниң pm.xtv.uz сайтына ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Онлайн қабыллаў 21-июнь күни саат 24:00 де жуўмақланады.

Сондай-ақ, интернеттен пайдаланыў имканияты жоқ ата-аналарға қолайлық жаратыў мақсетинде Ташкент, Наманган, Нөкис ҳәм Хийўадағы қабыллаў орайларында да ҳүжжетлер қабылланады. Ҳүжжетлерди қабыллаў процесси 22-июнь күни саат 17:00 де жуўмақланады. 17:00 ден баслап ҳүжжетлер қабыл етилмейди ҳәм көрип шығылмайды.

Исенимсз мағлыўматлар усынып атырған талабан таңлаўдың қәлеген басқышында имтиханлардан шетлетилиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.