17-май Пүткил – дүнья жүзилик электр байланысы ҳәм мәлимлеме жәмийети күни.

 1865-жылы Халықаралық телеграф аўқамы ҳәзирги ўақытта Халықаралық электр байланысы аўқамы дүзилгенлиги мүнәсибети менен 17-май сәнеси «Халықаралық электрбайланыс күни» сыпатында жыл календарында белгиленген. Сондай-ақ, БМШның 2006-жыл 27-март күни бул сәнеде «Мәлимлеме жәмийети күни»н белгилеў бойынша резолюциясын қабыл етти. Кейин ала, 2006-жылы Халықаралық электр байланысы аўқамының басламасы менен 17-май сәнеси жыл қалендарында «Пүткил дүнья жүзилик электр байланысы ҳәм мәлимлеме жәмийети күни» сыпатында белгиленди.

Сондай-ақ, бул сәнеде «Халықаралық гомофобия кеселлигине қарсы гүресиў күни», Аргентинада «Теңиз қураллы күшлери күни», Норвегия ҳәм Нигерияда «Конституция күни», Канадада «Пуқаралық күни», Кубада «Аграр реформалар күни», Германияда «Әкелер күни» кеңнен белгиленеди.

17-май сәнесиниң тарийхта қалған әҳмийетли ўақыялары

 

1642-жыл. Канаданың Монреаль қаласына тийкар салынды.

  • 1656-жыл. Россия Швецияға қарсы урыс жәриялады.
  • 1814-жыл. Норвея патшалығының конституциясы қабыл етилди.
  • 1865-жыл. Халықаралық телеграф аўқамы ҳәзирги Халықаралық электр байланысы аўқамына тийкар салынды.
  • 1916-жыл. Англия тарийхында дәслепки рет жылдың бәҳәр мәўсиминде жаз мәўсимине өтилди.
  • 1928-жыл. Амстердамда IX Олимпиада ойынлары басланды.
  • 1995-жыл. Жак Ширак Франция президенти етип тайынланды.
  • 1996-жыл. Бухарада Өзбекстан илимлер академиясының илимий орайы ашылды.

З.МИРЗАБОЕВА таярлады, ӨзА