Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Сәўбетлесиў басында мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық ҳәм мәмлекетлик хызметтеги жумысында табыслар тиледи.
Жоқары дәрежедеги турақлы ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының жедел раўажланыўына ҳәм избе-из беккемленип барыўына хызмет етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Қасым-Жомарт Тоқаевтың усы жылдың апрель айында Өзбекстанға әмелге асырған дәслепки мәмлекетлик сапары саўда-экономика, инвестиция ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында әмелий бирге ислесиў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў ушын кең имканиятлар ашқаны айрықша атап өтилди.
Президентлер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.
Сөйлесиўдиң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Қасым-Жомарт Тоқаевқа усы жыл 9-июнь күни болып өтетуғын Қазақстан Президенти сайлаўы табыслы өтиўин тиледи.
ӨзА