Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы баслығының орынбасары, подполковник М.Сейдуллаевтың хабар бериўинше, усы жылдың 3-апрель күни Елликқала районы «Думанқала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында пуқара Х.И.диң малханасы жанындағы 37 кв. метрлик майдандағы қарамаллар ушын сақланып турған өт-шөплер өртенип, зыянланған.

Басқарма берген мағлыўматларға қарағанда, бәҳәр айларында жүз берип атырған өртлердиң басым көпшилиги пуқаралардың абаданластырыў жумысларын алып барыўда өрт қәўипсизлигине әмел етпегени, бийпәрўалығы ақыбетинде келип шықпақта.

Әсиресе, малханалар ҳәм кең майдандағы от-шөплердиң өртенип, айырымларының пуқаралардың турақ жайларына өтип кетип, оларға материаллық зыянлар келтирип атырған жағдайлары да ушыраспақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы пуқаралардан абаданластырыў жумысларын әмелге асырып атырғанда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына қатаң әмел етиўин сорайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.