Тақыятас районының «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың пуқараларды көшпели қабыллаўы болды.

Илажға министрликлер менен ведомстволардың, ҳуқық қорғаў уйымларының, район ҳәкимлигиниң басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен өткерилип киятырған бундай қабыллаўлар барысында  халқымыздың күнделикли турмысында ушырасып атырған айырым машқалалар орынларда өз шешимин таппақта.  Мәселен, «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Тиркеш Илясовтың турақ жайында өткен жылдың декабрь айында айырым себеплер менен өрт жүз бергенлиги себепли тийисли жәрдем сорап, көшпели қабыллаўға мүрәжат етти.  Нәтийжеде, район ҳәкимлиги тәрепинен қаржы ажыратылып, турақ жайы оңланып берилди. Буннан жүдә миннетдар.

Усы аймақтың және бир турғыны Ахмет Чаруаев болса, электр энергиясы тәмийнатындағы машқала бойынша мүрәжат етти. Оның мүрәжаты тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, илаж көрилетуғынлығы билдирилди.

Улыўма усы күни көшпели қабыллаўда 18 пуқара тийкарынан жумысқа орналасыў, турақ жай-коммуналлық хызмет, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў  ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжат етти.

Қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

Усындай көшпели қабыллаў Қанлыкөл районындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде де болып өтти.

Илажда республикамыз басшысы тәрепинен денсаўлықты сақлаў, исбилерменлик, кредит алыў, электр энергиясы ҳәм ишимлик суў тәмийнаты бойынша 9 пуқара  қабыл етилди. Олардың машқалалары тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, шешими қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.