Өзбекстан Республикасы Президенти «Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Қарар тийкарында, 2019-2022-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы аймағында төмендеги 5 қорғалатуғын тәбийғый аймақлар:

– «Қубла Үстирт» мәмлекетлик қорықханасы;

– «Белтаў», «Ақтепки» ҳәм «Ақдәрья-Қазақдәрья еки дәрья арасы» мәмлекетлик буйыртпа қорықханалары;

– «Судочье» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы тийкарында «Судочье көллер системасы» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы шөлкемлестириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.