Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитети Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирген «Сыртқы сиясат ҳәм дипломатия тараўында нызамшылықты жетилистириў» темасындағы дөгерек сәўбетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм аймақлараралық изертлеўлер институтының жуўапкер хызметкерлери, Жәҳән экономика ҳәм дипломатия және Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетлериниң илимпазлары қатнасты.
Мәмлекетимиздиң халықаралық имиджин беккемлеўде парламенттиң ролин арттырыў, сыртқы сиясат ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў миллий парламентимиздиң тийкарғы ўазыйпалары екени атап өтилди.
Өзбекстанның нәтийжели сыртқы сиясатында парламенттиң айрықша орны бар. «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында елимиздиң сыртқы сиясатына байланыслы әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўде парламент дипломатиясының ролин күшейтиў мәселеси айрықша бәнт пенен белгиленген. Мәмлекетлераралық қатнасықлардың әҳмийетли структуралық бөлеги болып есапланған парламентлераралық байланыслар заманагөй халықаралық қатнасықлардың раўажланыў динамикасы, мазмун-мәниси ҳәм перспективаларына үлкен тәсир көрсетпекте.
– Соңғы жыллары Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен халықаралық қатнасықларға байланыслы 14 нызам таярланып, қабыл етилгени елимиздиң сыртқы сиясат тараўындағы реформаларды ҳуқықый жақтан беккемлеўге хызмет етпекте, – дейди Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитети баслығының орынбасары Феруза Эшматова. – Соның ишинде, «Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳаққында»ғы, Өзбекстан Республикасының Консуллық уставы (жаңа редакцияда), «Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Экстремизмге қарсы гүресиў Конвенциясын ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамлар усылардың қатарына киреди. 2018-жылы Ҳиндстан, Беларусь, Польша, Әзербайжан, АҚШ, Болгария сыяқлы мәмлекетлер менен тиккелей парламентлик дослық топарлары дүзилди. Бул ис-ҳәрекетлер Өзбекстанның сырт мәмлекетлер менен парламентлераралық бирге ислесиўин жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Қәнигелер Өзбекстанда жүз берип атырған демократиялық процесслер, әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар ҳаққында сырт еллердиң парламент ағзалары арқалы халықаралық жәмийетшилик хабардар етип киятырғанын атап өтти.
Дөгерек сәўбетте комитет ҳәм тийисли министрликлер менен бирге ислеп шығылып атырған «Өзбекстан Республикасының дипломатиялық хызмети ҳаққында»ғы нызам жойбарын жетилистириўге байланыслы усыныслар билдирилди.
* * *
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети Президентимиздиң 2018-жыл 18-майдағы «Турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыў жағдайын қадағалаў-таллаў жумыс тәртибинде үйрениў нәтийжелери бойынша мәжилис өткерди.
Республика аймақларында бар барлық шығындыларды жыйнаў майданшалары хатлаўдан өткерилип, жыйналған мағлыўматлар тийкарында тийисли кестелер қәлиплестирилген. Комитеттиң рәсмий веб-сайтында жаратылған арнаўлы порталдың мағлыўматлар базасына қала ҳәм районларға бириктирилген 408 инспекторға тийисли мағлыўматлар киргизилген. Сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен жәмийетлик қадағалаўды алып барыў ҳәм аймақларда анықланған нызамсыз шығындылар ҳаққында хабар бериў ямаса шағымлар, фото және видео материалларын жибериўге мөлшерленген «Chiqindi nazorati» боты ислеп шығылып, порталдың мағлыўматлар базасы менен байланысқан.
Бирақ қарардың орынланыўын Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятлары мысалында үйрениўлер усы аймақларда полимер плёнкалы пакет ислеп шығаратуғынлардың реестри дурыс жүргизилмегенлигин көрсетти.
Ферғана ўәлаятында халық пенен 2019-жыл 1-январьдан баслап ғалабалық шәртнама системасына өтилгенин есапқа алып, бүгинги күнде техникалардың тасыў қуўатлылығы бойынша 846 мыңнан аслам халық қамтып алынған. Жәми халқы 3,7 миллионнан асламын қурайтуғын бул ўәлаятта «Таза аймақ» МУК ҳәм санитариялық тазалаў кәрханалары тәрепинен 1 миллион 261,7 мың халыққа хызмет көрсетилмекте. Бул көрсеткиш ўәлаяттың жәми халқына салыстырғанда 34 процентти қурайды. Бул жағдай шығынды тасыў техникаларының жетиспеўшилиги менен түсиндирилген.
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитетиниң ҳәм Сурхандәрья және Ферғана ўәлаятлары экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў басқармалары басшыларының усы мәлимлеме бойынша мағлыўматлары тыңланды.
Сын көзқарас ҳәм таллаў руўхында өткен илажда Президент қарарының орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди.
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршысы