Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-март күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар менен танысты.

41f162e6-4bc8-5933-db24-b75ce30b4907.jpg

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Tashkent City халықаралық бизнес орайына барып, конгресс-холл ҳәм бес жулдызлы мийманхананың қурылысы менен танысты. Бул имаратлардың қурылысы өткен жыл март айында басланған болып, бүгинги күнде саўлатлы конгресс-холл ҳәм 21 қабатлы мийманхананың бетон-каркас жумыслары тамамланған. Ҳәзирги ўақытта металл конструкциялар ҳәм коммуникацияларды монтажлаў, төбесин бастырыў, сыртқы пардозлаў жумыслары алып барылмақта.

Президентимизге конгресс-холлдың фасады, ханалары ҳәм коридорларының көринисине байланыслы жойбарлар таныстырылды.

Tashkent City бизнес-орайлар, мийманханалар, офислер, көп қабатлы жайлар, ресторанлар ҳәм басқа да объектлерди өз ишине алған заманагөй комплекс болады. Бул жерде жоқары дәрежедеги илажлар, ири халықаралық әнжуманлар өткериледи.

b8bcbf82-0c0b-b710-997b-dc0d730b7218.jpg

Шавкат Мирзиёев конгресс-холлдың тийкарғы залын, ҳәр бир ханасын көзден өткерип, олардың қандай безелиўи ҳәм үскенелениўи, мийманларға қандай шараятлар жаратылыўы менен қызықты. Халықаралық саммитлер ўақтында көплеген делегациялардың қатнасыўын есапқа алып, жоқары мәртебели мийманлар ҳәм қатнасыўшылардың ҳәрекетлениўи, еки ҳәм көп тәреплеме ушырасыўлар өткериўи, дем алыўы ушын кең қолайлылықлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди. Конгресс-холлдың биринши қабаты заманагөй дизайнда, екинши қабаты болса классикалық усылда болыўы зәрүрлигин атап өтти. Коридорларды елимиз художниклериниң ең таңламалы дөретпелери менен безеўди усыныс етти.

Конгресс-холлдың жанында қурылып атырған мийманханаға байланыслы жойбарлар да таныстырылды.

33d4a925-898e-4039-b0ae-a93c99783158.jpg

Соның менен бирге, Президент Tashkent City жақынында бой тиклеген «Humo Arena» муз сарайында алып барылып атырған соңғы пардозлаў жумысларын көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 3-февраль күни бул комплекстиң жойбарын мақуллап, оның қурылысына тырнақ тасын қалаған еди. Өткен қысқа ўақытта елимиздиң қала қурылысында жаңалық болған көп тармақлы спорт комплекси қурылды.

82492da4-d0be-d309-6e86-07210f8e1e35.jpg

Комплекс Ташкент қаласының Афросиёб ҳәм Бешёғош көшелериниң кесилиспесинде, 9 гектар жер майданында қурылған. Заманагөй инженерлик технологияларды үйлестирген «Humo Arena» комплексинен 12,5 мың орынлық көп тармақлы муз аренасы, 200 орынлық шынығыўлар майданы, тренажёр залы, спорт музейи ҳәм көплеген басқа да объектлер орын алған.

Ҳәр бири 60×30 метр өлшемдеги тийкарғы ҳәм шынығыў майданлары жарысларды халықаралық талаплар дәрежесинде өткериў, жаслардың спорт пенен шуғылланыўына жақсы имканият жаратады.

67c3bef2-2400-16b6-ffdc-e46a3fb61b93.jpg

Мобиль отырғышлар спорт жарысларынан бос ўақытта ғалабалық илажларды өткериўге де бейимлесе алады. Бул жерде хоккей, шорт-трек, фигуралы ушыў, кёрлинг пенен бирге баскетбол, волейбол, гандбол, футзал, бокс, таэквондо ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша жарыслар өткериў мүмкин. Буннан тысқары, байрам илажлары, концертлер, көргизбе ҳәм форумлар шөлкемлестириў ушын да шараят бар.

a925849e-24a5-e73e-8d26-72834aa061c9.jpg

Жаңа комплекс елимизде спортты раўажландырыў, оның қысқы түрлерин ғалаба ен жайдырыў, спортшылар таярлаўды жаңа, халықаралық дәрежеге алып шығыў бағдарындағы жумысларға жоқары пәт бағышлайды.

Президентимиз комплекстен нәтийжели пайдаланыў, ғалаба илажлар ўақтында қәўипсизликти тәмийинлеў, объекттиң әтирапын абаданластырыў бойынша көрсетпелер берди.

2b40566b-293d-68e7-c375-93e1899baa58.jpg

b4ed1b88-fd71-1663-da14-4f285ddd11dd.jpg

ӨзА