Венесуэла. Мәмлекетте 7 марттан берли даўам етип атырған электр энергиясы үзилиси сапластырылды. Электр энергиясы тәмийнаты дерлик 100 процент тикленди.

Мозамбик. Мәмлекеттиң орайлық ҳәм қубла аймақларында бир неше күннен берли даўам етип атырған күшли жаўын-шашын ақыбетинде жүз берген суў тасқынларында қайтыс болғанлардың саны 60 адамнан асты.

Сирия. Росиия әскерий ҳаўа күшлери тәрепинен Идлиб ўәлаятындағы терроршылар топарының қурал-жарақлары сақланатуғын қоймаханасына ҳаўадан ҳүжим әмелге асырылды. Топардың көп санлы ҳүжим жасаў қураллары жоқ етилди.

Россия. Қрым ўәлаятынының Россия қурамына киргенлигиниң бес жыллығы мүнәсибети менен Франция рәсмийлеринен қуралған делегация Қрымға сапар етти.

АҚШ. БМШ хаткери Антониу Гуттериш ҳәм АҚШ Мәмлекети хаткери Майк Помпеоның Вашингтонда алып барған сөйлесиўлеринде Корея ярым атаўын денуклеаризациялаў, Яман халқына инсаныйлық жәрдем көрсетиў, Венесуэладағы дағдарысты сапластырыўға жәрдемлесиў мәселелери додаланды.

Зуҳра Мирзабоева,

ӨзАның хабаршысы