«Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети жуўапкерлериниң «Өзбекстанның экспорт потенциалын арттырыўда заманагөй логистика жөнелислерин кеңейтиў мәселелери ҳаққында»ғы мәлимлемелери тыңланды.

 Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясы ҳәм Санаат, қурылыс және саўда мәселелери комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда парламенттиң төменги палатасы депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, партия орайлық кеңесиниң ағзалары, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, экспертлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Бүгинги күнде пуқаралық авиацияны раўажландырыў, соның ишинде, ҳаўа кемелери паркин жаңалаў, пәрўазлардың жоқары дәрежедеги қәўипсизлигин тәмийинлеў, аэропортлар инфраструктурасын, ҳаўа ҳәрекетин басқарыў ҳәм қәнигели кадрларды таярлаў системасын жетилистириў бойынша избе-из илажлар көрилди. Елимизде аўыл хожалығының өнимлерин экспорт етиўди көбейтиў ҳәм хошаметлеў бойынша әмелге асырылған ҳәрекетлер нәтийжесинде 2018-жылы авиажөнелислер арқалы өнимди экспорт етиў географиясы сезилерли дәрежеде кеңейди.

Мәселен, 2016-жылы «Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы арқалы 800 тоннадан аслам аўыл хожалығы өнимлери тасылған болып, соннан 75 проценти Москва қаласы жөнелисине туўра келеди. 2018-жылы болса МАК рейслери арқалы экспорт көлеми 1 мың 850 тоннаға жетти.

Мәмлекетимиз экономикасының қан тамыры болған темир жол тараўында да перспективалы жойбарлар орынланбақта. Соның ишинде, заманагөй логистика хызметлерин раўажландырыў, олардың сапасын арттырыў жумыслары системалы әмелге асырылмақта. Исбилерменлерге қолайлық жаратыў ҳәм экспортқа жәрдемлесиў мақсетинде жүк жөнетиўшилерине «Бир айна» принципи тийкарында хызмет көрсетиў, жүклерди мәнзиллерине жеткериў мүддетлерин қысқартыў бойынша жеңилликлер берилген.

Фракция ағзалары тәрепинен «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖ жаңа логистика жөнелислерин ашыў, жол қәрежетлериниң өзине түсер баҳасын қысқартыў, тараў қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм тараўда бәсекини раўажландырыўға жетерли итибар бермей атырғанлығы сынға алынды.

 

А.МУСАЕВ,

 ӨзАның хабаршысы