Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Министрлер Кабинетиниң «2019-2024-жылларда мәмлекетте азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарар жойбары орналастырылды.
Ҳүжжетте жазылыўынша, мәмлекетте азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында бир қанша машқалалар сақланып қалмақта. Атап айтқанда:
– бириншиден, халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў бүгинги күнге шекем ҳәр қыйлы дәрежеде тастыйықланған аграр тараўды раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып, бирден-бир мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығылмаған;
– екиншиден, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы болған министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң бул бағдардағы жумысларын муўапықластырыў механизми ҳәм өз-ара бир пүтин системада ислеў тәртиби толық қәлиплестирилмеген;
– үшиншиден, халықтың азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлениў дәрежесин анықлаў, мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин баҳалаў индекслери жоқ.
Қарақалпақстан хабар агентлиги