Жақында Ташкент қаласында спорттың өзбек жаўынгерлик  өнери бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатына Қараөзек районының спортшы жаслары табыслы қатнасып, төрт медальды қолға киргизип,  район халқын үлкен қуўанышқа бөледи.

Оған Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында қатнасқан 7 спортшы еки алтын, бир гүмис ҳәм бир  қола медальды қолға киргизди.

Чемпионатта райондағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы АҲәбибуллаев  (50 кг салмақта) ҳәм  районлық экономика ҳәм турмыс хызмети кәсип-өнер колледжи оқыўшысы Х.Палўанова (61кг салмақта) алтын медаль алып, Өзбекстан чемпионы атанды. Ал қызлар арасында райондағы 2-санлы қәнигелестирилген мектептиң оқыўшысы З.Оразбаева (42 кг салмақта) екинши,  6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Д.Алламбергенова (50 кг салмақта) үшинши орынларды ийелеўге еристи.

– Спорттың өзбек жаўынгерлик өнери түри менен жети жылдан берли шуғылланып киятырман. Өзбекстан көлеминде ашық бириншилик ҳәм кубок ушын өткерилген спорт жарысларында, сондай-ақ, «Бәркамал әўлад» спорт ойынларында сыйлы орынларды ийелеп, бүгин, мине екинши мәрте Өзбекстан чемпионлығын қолға киргиздим.  Және де усы спорт түринен  биринши дәрежели қара белбеў ийесине айландым, – дейди чемпион Ханзада Палўанова. – Келешекте жоқары оқыў орнында оқыўымды даўам еттирип, устазларымдай мениң де шәкирт таярлаў нийетлерим бар.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы