Өзбекстан Республикасы Президенти «Жүк ҳәм жолаўшы тасыў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды. Ҳүжжетте келтирилиўинше, жеке тәртиптеги исбилерменлерге такси хызметлерин көрсетиўге рухсат бериледи.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги бир ай мүддетте:

Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте жеке тәртиптеги исбилерменлерге рухсат бериў тәртиплерин әпиўайыластырыў ҳәм минималластырыў мақсетинде мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды енгизген ҳалда жеңил автомобильлерде жолаўшыларды тасыў хызметин әмелге асырыў ҳуқықын бериў ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизеди.

Ҳәзирги ўақытта тек ғана юридикалық тәрлеплер усы хызмет түри менен шуғылланыўы мүмкин.

Еслетип өтемиз, буннан алдын таксилер «Тоқтаў қадаған етилген» белгиси әмел ететуғын орында тоқтаўы мүмкин болыўы ҳаққында хабар берген едик.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги