Жақында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қорының бағдарламаларына таңлаўларды орынларда кең түрде үгит-нәсиятлаў, түсиник жумысларын алып барыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың,    район ҳәм қала ҳәкимликлериниң кадрлар бойынша басшылары қатнасып, стипендия бағдарламалары бойынша талабанлардан арзаларды on-line ҳәм электрон тәризде алыў системасы презентациялар арқалы көрсетилип, таңлаўға байланыслы әмелий мәсләҳәтлер берилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт еллерде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен байланысыў бойынша «Эл-юрт умиди» қорының баслығы Адҳам Бекмуратов шығып сөйлеп, қордың мақсет ҳәм ўазыйпалары, оның бағдарламалары арқалы қәниге-кадрларды сырт елде таярлаўдың 2019-жылға мөлшерленген көрсеткишлери, cтипендия таңлаўларына ҳүжжет тапсырыўдың усыллары туўралы толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, елимизде мәмлекетлик басқарыў ҳәм экономиканың баслы тармақларының, социаллық тараўдың жоқары маман кадрларға болған талабы өсип бармақта. Усы талапты қанаатландырыў ҳәм бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды әмелге асырыў ушын раўажланған еллердиң стандартларына сай тәжирийбеге ҳәм билимге ийе қәниге-кадрларды таярлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 25-октябрьдеги «Сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен бирге ислесиў тараўында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сиясатын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен «Эл-юрт умиди» қоры шөлкемлестирилди. Қор быйыл сырт еллерде илим ҳәм илимий изертлеўлер, денсаўлықты сақлаў, мәмлекетлик басқарыў, экономиканың перспективалы тармақлары бағдарлары бойынша 400 қәнигени таярлаў ушын стипендиялар ажыратпақта. «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен 3 жылда 4 мыңнан аслам қәниге-кадрларды сырт еллердеги жетекши университетлер, илимий орайлар ҳәм басқа да шөлкемлерде таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өткериў, магистратурада, докторантурада оқытыў режелестирилген.

Ушырасыўда қатнасқан мәкеме ҳәм кәрханалардың,  район ҳәм қала ҳәкимликлериниң кадрлар хызмети бойынша басшыларына жумыс орынларында таңлаў ҳаққында түсиник жумысларын алып барыў бойынша әмелий усыныслар берилди.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден жуўап алды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.