Бул ҳаққында транспорт-логистика тараўында бирге ислесиў мәселелери бойынша сырт еллер менен сөйлесиўлер өткериўге байланыслы илажлар жобасында сөз етилген.

Атап айтқанда, Түркменстан тәрепи менен миллий тасыўшылар транспорт басқарыўшылар ушын көп мәртелик визалар алыў процесин әпиўайыластырыў бойынша додалаўлар өткериледи.

Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында турақлы автобус жөнелислерин ашыў мәселеси де көрип шығылады.

Әмелге асырыў мүддети – 2019-жыл 1-май. Жуўапкерлер – Сыртқы ислер министрлиги, Транспорт министрлиги.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги