Қарақалпақ журналистикасында өз орнына ийе, оның раўажланыўына белгили дәрежеде үлесин қосқан, усы тараўда жетискенликлерге ерисип киятырған 60 қа жақын белсенди ҳаял-қыз журналистлердиң өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы «Қарақалпақстанлы белсенди журналист ҳаял-қызлар» атамасындағы китап баспадан шықты.

Филология илимлериниң кандидаты, журналистика кафедрасының баслығы Злиха Оразымбетова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының докторанты Сахибжамал Есемуратова ҳәм тележурналист Сарбиназ Жақсымуратовалардың авторлығындағы қолланба Ташкент қаласындағы «Qaqnus-Media» баспасынан шығарылып, оған Қарақалпақстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамының баслығы К.Реймов ҳәм филология илимлериниң кандидаты, доцент З.Қожықбаевалар пикир билдирген. Қолланбадағы мағлыўматлардан ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, студентлер ҳәм басқа да қызығыўшылар пайдаланыўы мүмкин.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.