Ташкенттеги «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер залында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын салтанатлы илажға Қарақалпақстан Республикасы, барлық ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан Ўатанымыздың раўажланыўы жолында жемисли мийнет етип атырған, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында пидәкерлик көрсетип киятырған ҳаяллар, талантлы қызлар, елимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери қатарындағы ҳаял-қызлар мирәт етилген.

Илаж шеңберинде исбилерменлик, илим, билимлендириў ҳәм тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият, көркем өнер ҳәм басқа тараўларда нәтийжели мийнет етип атырған бир топар ҳаял-қызларымыз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланады.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан бир топар қызларға Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық тапсырылады.

Салтанатлы илажға Президент Шавкат Мирзиёев қатнасыўы ҳәм елимиз ҳаял-қызларын қутлықлаўы күтилмекте, деп жазады ӨзА.

Хош, быйыл Қарақалпақстаннан кимлер мәмлекетлик сыйлықларға мүнәсип деп табылады?

Сайтымызды бақлап барың. Биз онлайн тәризде жаңалықларды жәриялап барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги