2016-жылы Қарақалпақстанлы илимпазлар тәрепинен глауконит минерал шийки затын тәбийғый ҳалында белгили бир кондицияға келтирип, микроэлементли калий төгинин алыўдың илимий теориялық технологиясы, сондайақ, Қарақалпақстанда шығатуғын фосфоритлерди минерал дузлар менен жанландырыў арқалы фосфорлы төгин алыўдың технологиясы ислеп шығылған еди. Бул Өзбекстанда аўыл ҳәм суў хожалығын раўажландырыў бағдарында оғада әҳмийетли жаңалық болды.

Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими жанынан бул ушын арнаўлы цех иске түсирилип, фермер хожалықларында тәжирийбе өткерилди. Усы хожалықларда пахта зүрәәтлилигиниң артыўына ерисилди. Бул цех  саатына 400-500 килограмм байытылған глауконит ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Усындай төгин ислеп шығарыўшы кәрхана өткен жылы Елликқала районында иске түсти. Оның қуўатлылығы суткасына 8-10 тоннаны қурайды.

Филиалдың Тәбият илимлери илим-изертлеў институтының Минерал төгинлер химиясы топары бул жумыслардың баслаўшылары, белсендилери болды.

Усы топар баслығы Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Сали Бауатдиновтан илимий жумыслары, нәтийжелери, ашылған жаңалықлардың республикамызға келтиретуғын пайдасы туўралы бираз мағлыўмат алдық.

– Бүгинги күни аўыл хожалығы егинлерине берилетуғын минерал төгинлердиң баҳасы күннен-күнге артыўы өнимлердиң өзине түсер баҳасының қымбатлаўына алып келмекте,-дейди илимпаз С.Бауатдинов. – Усы жағдайларды есапқа алып, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң минерал төгинлер химиясы лабораториясының илимий хызметкерлери тәрепинен калий төгини ретинде қолланыўға болатуғын глауконит минералының ҳәм соның тийкарында алынған глауконитли аммофостың (глаукофос) аўыл хожалығы егинлерине, атап айтқанда, пахта, салы, мәкке егинлерине тийгизетуғын тәсири бир неше жыл даўамында үйренилди.

Өткерилген тәжирийбелер нәтийжесинде зүрәәтлиликтиң кескин артатуғынлығы, топырақтың структурасы жақсыланып, экологиялық жағдайы турақласатуғынлығы толығы менен дәлилленди.

Қарақалпақстанның глауконит минералы ҳәр қыйлы химиялық қумлы араласпалар менен кеңнен тарқалған минерал. Глауконит минералы муғдарында өсимлик ушын керекли болған калий оксиди, бизиң кейинги анықлаўымыз бойынша 30 дан аслам макро-микроэлементлер бар екенлиги илимий жақтан дәлилленип, усы химиялық элементлердиң көбиси окись ҳалында екени сыпатланбақта. Демек, бул элементлердиң топырақ еритпесинде жақсы ерийтуғынлығы тәжирийбелеримиз тийкарында анықланбақта.

Биз ислеп шығарып атырған глаукониттен алынатуғын минерал төгинлердиң пайдасы көп.

Бириншиден, минерал төгин экологиялық жағдайдың жақсыланыўына алып келеди. Атызларға берилип атырған қымбат баҳалы фосфор төгинин бериўди 40-50 процентке, азот төгинин 20-30 процентке, калий төгинин 70-80 процентке азайтып, қаржыны үнемлеў бойынша үлкен жәрдемин тийгизеди.

Екиншиден, өсимликтиң вегетация дәўиринде топырақтың ызғарлығын үш ай даўамында 70-75 процентке услап турады, топырақтың қурамын жақсылайды. Глауконит тәбийғый төгинтопырақты калий менен байытады және оның қурамын жақсылайды. Өсимликтиң өсиўшеңлигин арттырады, ҳәр қыйлы кеселликтен сақлайды. Химиялық зәҳәрли элементлерди өзине сорып алып, топырақты тазалайды. Жердеги гумустың муғдарын арттырады.

Гумус (ширинди) дегенимиз жерге ең керекли органикалық зат болып, оның қурамында пайдалы химиялық компонентлер болып, 5 процент азот, 20-30 процент фосфор, 70-80 процент күкирт болады. Глауконитте ҳәм оннан алынатуғын төгинлерде бизиң илимий изертлеўлеримизге қарағанда 30-35 макро-микроэлементтиң барлығы анықланды. Олар мыс, цинк, кобальт, ванадий, бор ҳәм.т.б. Егер олар жетиспесе өсимлик жақсы раўажланбайды, мол өним бермейди, экологиялық қубылысларға төзимсиз болады.

Кейинги жылларда Арал теңизиниң ултанынан көп муғдардағы дузлар самал менен елимиздиң көплеген ўәлаятларына кеңнен тарқалмақта. Топырақтың шорланыўы минерал төгинниң пайдалы коэффицентин азайтпақта. Пахтаның зүрәәтлилиги аз шорланған жерлерде 10-15 процентке, орташа шорланған жерлерде 50 процентке, күшли шорланған жерлерде 75 процентке шекем азаяды.

Қарақалпақстан аймағында минерал төгинлер ушын қолланыўға болатуғын кең тарқалған және бир агрорудалардың бири булбентонит болып есапланады. Қарақалпақстанның 10 жериндеырантаў, Белтаў, Қусханатаў, Хожакөл ҳәм т.б) оның кәнлери бар. Олардан да пайдаланыўдың илимий жоллары ислеп шығылды. Ол жердиң мелиоративлик жағдайын, физикалықхимиялық қәсийетин жақсылап, өнимдарлықты арттырады. Егер нанбар ретинде пайдаланылса өсимликтиң раўажланыўына үлкен тәсири болады. Бентониттиң қурамында 30 ға шамалас макромикроэлементлер бар. Топырақтың ығаллығын сақлайды.

Пахта өсимлигине – (калий төгини ретинде) ҳәр гектарына 600-700 килограмм «глауконит қумы» берилиўи керек. Егистен алдын азот төгининиң жыллық нормасының 40 проценти, фосфор төгининиң жыллық нормасының 50 проценти, глауконит қумының жыллық нормасының 50 проценти берилиўи керек. Пахтаның өсиў дәўиринде минерал төгинлер төмендеги муғдарда берилгени мақул болады’ Биринши азықландырыў  ўақтында гектарына 50 килограмм фосфор, 100 килограмм азот, яғный 3-4 ҳақыйқый жапырақ шығарғаннан кейин бериледи, деген сөз. Екинши азықландырыў – бул, пахтаның жалпыламай ғөреклениў дәўирине туўра келеди. Бул ўақытта гектарына 50 килограмм азот ҳәм 350-400 килограмм глауконит қумы калий төгини ретинде бериледи.

Көпшилик жағдайда глауконит минералының қурамындағы калий ҳәм басқа да микроэлементлер тәбийғый бирикпе сыпатында ушырасады.

Сонлықтан, өсимликке әсте ақырын тәсир етеди. Соның ушын егистиң алдында фосфор төгини менен бирликте оның жыллық муғдарының  100 проценти берилгени дурыс болады. Егер суперфосфат ретинде берилсе, 450 килограмм глауконит ҳәм 450 килограмм суперфосфат, ал аммафос төгини ретинде берилсе, 150 килограмм глауконит ҳәм 150 килограмм аммофос бериледи, деген сөз. Биз илимий  изертлеўлеримиз арқалы глауконит қурамындағы ҳәр қыйлы химиялық бирикпелерди өсимликтиң өзлестириўине бейимлестире алатуғын, топырақтың қурамындағы өсимлик алалмайтуғын фосфор элементин өсимлик пайдалана алатуғын фосфорға айландырып беретуғынын дәлилледик.

Негизинде салыны фосфор төгини менен азықландырғанда гектарына 800-1000 килограммға шекем суперфосфат (фосфор) төгини бериледи. Илимий изертлеўлеримиз усы суперфосфаттың 50 проценти орнына глауконит минералы берилсе ямаса 450-500 килограмм «глауконит қумы» араластырылып егис алдынан берилсе, жоқары зүрәәт алынатуғынлығын анық көрсетти.

Сондай-ақ, аммофос төгини гектарына 250-300 килограммнан бериледи. Берилетуғын усы аммофос төгининиң 50 проценти орнына  125-150 килограмм глауконит аммофос пенен араластырып берилсе, зүрәәттиң көбейиўи көп жыллық тәжирийбелерде дәлилленди. Егер хожалықта суперфосфат ҳәм аммофос төгинлери болмай қалса, егис алдынан ҳәр гектарына 600-800 килограммнан глауконит минерал төгини берилсе де болады.

Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығында кеңнен қолланып жүрген минерал төгинлерден аммофос, суперфосфат, аммофосфат ҳәм басқа да қурамалы азотлы-фосфорлы төгинлер  заман талабына жуўап бермейди.

Өндирилип атырған минерал төгинлердиң аўыл хожалығы егинлерине физикалық-химиялық тәсири төмен, яғный, топырақ муғдарында тез ерип кетеди, пайдалы коэффиценти аз. Дүнья илимпазлары минерал төгинлерди аўыл хожалығы егинлерине ҳәр жылы қайталап бериў жердиң шорланыўына ҳәм атмосфераның, климаттың өзгериўине үлкен тәсир ететуғынлығын илимий жақтан дәлиллемекте. Аўыл хожалығындағы үзликсиз химияластырыў ҳәм минерал төгинлерден үзликсиз түрде пайдаланыў ақыбетинде атмосферада көмирқышқыл гази, метан ҳәм азот газлери топланбақта, топырақтың суўсызланыў процеси артпақта.

Онысыз да Арал апатшылығы себепли жәбир шегип атырған халықтың егислик майданларын химиялық төгинлер менен азықландырыў, яғный, оннан сайын шорландырыў – зыян үстине зыян жеткериў менен барабар.

Илимпазлардың тийкарғы мақсети республикамыздағы тәбийғый минерал кәнлерден кеңнен пайдаланыў арқалы елимизде аўыл хожалығы тараўын раўажланыўға үлесин қосыў, жеримиздиң қунарлылығын сақлаў, жеримиздеги ҳәр қыйлы химиялық төгинлер себепли келип шығып атырған кери тәсирлер және экологиялық машқалаларды азайтыў болып есапланады.

Ең тийкарғысы жоқарыда атап өтилген төгинлерди ислеп шығарыў кеңнен ен жайса, республикамызға шеттен келип атырған қымбат баҳалы ҳәр қыйлы химиялық төгинлерди 70 процентке шекем қысқартыўға мүмкиншилик болады.

(Мағлыўмат ушын: 1 тонна аммофостың баҳасы 4,5, азот 1,5-2, калий 2-2,5 миллион сум. Ал, илимпазларымыздың есаплаўларына қарағанда усы тийкарда глауконит төгининиң өндириси жолға қойылса, оның ҳәр бир тоннасы 1-1,5 миллион сумнан, ҳәтте оннан да арзан болыўы күтилмекте. Салыстырып көре бериң).

Республикамыздағы фосфорит, глауконит, бентонит кәнлеринде олардың оғада көп запасы бар. Дүньядағы көплеген еллер, ҳәттеки, раўажланып атырған еллер де өзиниң тәбийғый байлықларынан утымлы пайдаланып, төгин ислеп шығарып, экспорт етиўден мол пайда көрип атырғанда, биз де олардың тәжирийбелеринен үйренсек кем болмаймыз.

Жоқарыда атап өтилген тәбийғый төгинлерди кең түрде ислеп шығарыўды жолға қойсақ, экологиямыз жақсыланады, жеримиздиң қунарлылығы артады, шеттен сатып алынып атырған қымбат баҳалы химиялық төгинлерди кемейтиў арқалы оған жумсалып атырған көп муғдардағы қәрежетлер үнемленеди. Бул жумыс кеңейсе, экпортқа да шығарып, қазнамызға валюта түсимин тәмийинлеў мүмкиншилиги пайда болады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.