Президентимиз Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятына сапары даўамында Россия пуқарасы, ўатанласымыз Алишер Усмоновтың мәмлекет ушын ислеген ислерине тоқтап өтти.

Мәжилис даўамында Президент Алишер Усмонов атындағы «Youth Business Center» бизнес орайының қурылысы ҳаққында айтып, бул жер Орайлық Азияда жасларға исбилерменлик көнликпелерин үйрететуғын бирден-бир орын болатуғынын билдирди. Сондай-ақ, сырт елли қәнигелер де өз билим ҳәм көнликпелерин жаслар менен бөлиседи.

«Ол (Алишер Усмонов нәзерде тутылып атыр) бул жерде заманагөй бизнес орайын ҳәм бизнес мектебин ашады. Дүньяға белгили исбилермен өзи сыяқлы жасларды тәрбиялаўда жәрдем береди. Бул ушын сырт елли кадрлар тартылады», деген еди мәмлекетимиз басшысы.

Буннан тысқары, Шавкат Мирзиёев россиялы миллиардер тәрепинен Наманган ўәлаятында «Абат аўыл» бағдарламасының әмелге асырылыўы ушын 50 миллион доллар муғдарында бийғәрез жәрдем ажыратылатуғыны ҳаққында мәлим етти.

ӨзА