Усы жыл 2-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Жаслар қанаты» тәрепинен жақынласып киятырған сайлаўларда жаслардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў ушын олардың ҳуқықый мәдениятын, жәмийетлик-сиясий белсендилигин және де арттырыў мәселелерине бағышланған «Депутат пенен жүзбе-жүз» атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, партияның атқарыў комитети аппараты қәнигелери, «Жаслар қанаты» белсендилери, жоқары оқыў орнының профессор-оқытыўшылары менен студент-жаслары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўды Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов ашты ҳәм басқарып барды.

Илажда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары З.Бекетова, Ж.Абдижамилов шығып сөйлеп, жаслардың сайлаў процесиндеги ҳуқықлары, ўазыйпалары туўралы толық мағлыўмат берди. Сондай-ақ, «Жаслар қанаты»ының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын итибар қаратылыўы зәрүр болған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Ушырасыў даўамында депутатлар тәрепинен жаслардың интеллектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм басқа да бағдардағы қәбилетлерин раўажландырыўға көмеклесиў, оларға шараятлар жаратыў, саламат турмыс тәризине умтылыўды қәлиплестириў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды әдеп-икрамлылық қағыйдаларының бузылыўына алып келетуғын ис-ҳәрекетлер ҳәм идеялардан қорғаўға мүнәсип түрде үлес қосыў мақсетинде мәкан пуқаралар жыйынлары ағзалары менен биргеликте турақлы алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Ашық сөйлесиў тәризинде өткен ушырасыўда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға депутатлардан жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.