2019-жыл 1-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм орайлық уйымлардың басшылары, елимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Ниғматилла Йўлдошев алып барды.

Сенат ағзалары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң 2018-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды. Омбудсман жумысының тийкарғы бағдары сыпатында қамақта сақланып атырған шахслардың ҳуқықларын қорғаў бойынша жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди. Жыл даўамында парламент палаталары менен биргеликте тастыйықланған Қыйнаўдың және қарым-қатнас жасаў ҳәм жазалаўдың басқа да мийримсиз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатты аяқ асты ететуғын түрлериниң алдын алыў бойынша қадағалаў-таллаў илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў кестеси шеңберинде Милий превентив механизм мандаты менен қамтып алынған 70 тен аслам мәкемеге мониторинг сапарлары әмелге асырылды. Оларда депутатлар корпусы, инсан ҳуқықларын қорғаў миллий институтлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, «Human Rights Watch» халықаралық жәмийетлик шөлкеми ҳәм БМШтың Өзбекстандағы Балалар қоры ўәкилханасының ўәкиллери қатнасты.

2018-жылы Омбудсманға инсанның жеке ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин әмелге асырыў мәселеси бойынша 3923 мүрәжат, соның ишинде, 3489 шағым, 428 арза ҳәм 6 усыныс түсти. Парламентлик қадағалаў субъекти сыпатында Омбудсман тәрепинен 754 шағым көрип шығылды, бул шағымлардың улыўма санының 34,9 процентин қурайды. Мүрәжат еткенлер мәплери жолында жынаят исин қозғатыўдан бас тартыў ҳаққындағы 48 қарар бийкар етилди. Судлардың қарарларына 14 протест киргизилди. Омбудсман мүрәжатлары бойынша прокуратура уйымлары тәрепинен жынаят ислери бойынша судлардың ҳүкимлери бойынша 7 протест киргизилди.

Омбудсман тәрепинен 2017-жылы әмелиятқа енгизилген нызамшылық ўәкилликлери сынақтан өткерилди. Парламент палатлары комитетлерине мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ўәкиллериниң мәлимлемелерин тыңлаў ҳаққындағы усынысларды, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўындағы нызам ҳүжжетлери бузылған жағдайларды, буған имканият беретуғын себеплер менен шәртлерди сапластырыў ҳаққында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына усыныслар киргизиўге байланыслы ҳуқықлар әмелге асырылды. Жумысында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин бузғаны анықланған шахсларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққында усыныс және пуқаралардың мәплери жолында судларға мәмлекетлик бажы төлемей арза ҳәм даўалар бериў ҳуқықынан нәтийжели пайдаланылды.

Омбудсман тәрепинен инсан ҳуқықлары тараўындағы нызам ҳүжжетлерин ҳәм әмелиятты буннан былай да жетилистириўге байланыслы усыныслар берилди. Омбудсманның есабаты сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2018-жылы ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм билимлендириўдиң жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде барлық тараўларда реформалар жедел даўам еттирилмекте. Бул процессте бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилмекте, бул болса, өз гезегинде, қабыл етилген ҳүжжетлерди орынлаўшыларға оператив жеткериў зәрүрлигин келтирип шығармақта. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң текстлерин орынлаўшыларға электрон тәризде жеткериўди тәмийинлеў ўазыйпасы әйне Әдиллик министрлигине жүкленген.

Бул бағдарда алып барылған үйрениў ҳәм таллаў айырым жағдайларда нызам ҳүжжетлериниң текстлери мәмлекетлик шөлкемлердиң аймақлық структураларына өз ўақтында жеткерилмей атырғанын көрсетти. Соны есапқа алып, Әдиллик министрлиги тәрепинен жаңа система енгизилип, оның шеңберинде ҳүжжетлер регионаллық әдиллик уйымлары тәрепинен аймақлық, соның ишинде, район дәрежесиндеги структураларға бир ўақытта жиберилмекте. Нәтийжеде  2018-жылы барлық 1644 нызам ҳүжжети мәмлекетлик уйымларға, олардың структуралық ҳәм аймақлық бөлимлерине толық жиберилди.

Бунда тек ғана мәмлекетлик уйымлар емес, ал пуқаралар жыйынлары да итибардан шетте қалмады. Барлық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында да мәлимлемени  электрон алмасыў иманияты жоқ екенин есапқа алып, нызам ҳүжжетлериниң текстлери, олардың қысқа түсиниклери бир ҳәптеде бир мәрте арнаўлы мәлимлеме тасыўшылар жәрдеминде жеткерип берилмекте. Бул процесс министрлик басшылығының тиккелей қадағалаўына алынған. Буннан тысқары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы турақлы әдиллик уйымлары тәрепинен үйренилмекте. Атап айтқанда, ишки ислер, мәденият, халық билимлендириў министрликлери ҳәм Мәмлекетлик статистика комитетиниң 2018-жылғы жумысы талланып, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар көрилди.

Бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде Интернет тармағы ҳәм улыўма мәлимлеме–коммуникация технологияларының имканиятынан кеңнен пайдаланылмақта. Мәселен, өзбек ҳәм рус тиллериндеги  54 мыңнан аслам ҳүжжет жайласқан Миллий нызамшылық базасы – «lex.uz»  дың жумысы турақлы жетилистирилмекте. Бир күнде орташа 25 мыңнан аслам пайдаланыўшы олардан пайдаланады.

Буннан тысқары, Министрлик тәрепинен сырт ел пуқараларын, соның ишинде, инвесторларды қызықтырыў мүмкин болған нызам ҳүжжетлериниң текстлерин Миллий базаға жайластырыў бойынша жумыс басланды. Биринши басқышта жуўмақлаўшы дизим дүзилип, ондағы текстлер инглис тилине аўдарма исленбекте.

Юридикалық әдебиятларды басып шығарыў бойынша жумыслар нәтийжели әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2018-жылы Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм кодекслериниң топламы және 274 мың нусқада 43 атамадағы юридикалық әдебият басып шығарылды. Додаланған мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў және халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабатын тыңлады. Атап өтилгениндей, 2018-жылы аймақты комплексли раўажландырыў бул процесске халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң потенциалын тартыў бойынша белгили бир жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда,  2018-жылы жалпы аймақлық өнимниң көлеми 28,4 триллион сумды қурады ҳәм алдынғы жылға салыстырғанда өсти. Бунда 14196,5 миллиард сумлық санаат өними ислеп шығарылды, өсим пәти алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда 105,7 процентти қурады.

Ўәлаяттың сыртқы саўда айланысы 755 миллион АҚШ долларын ямаса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 126,4 процентти, соның ишинде, экспорт 265,9 миллион АҚШ долларын, өткен жылға салыстырғанда 117,5 процентти, импорт 488,8 миллион АҚШ долларын, өткен жылға салыстырғанда 131,9 процентти қурады. Сырт ел инвесторларының есабынан 8339,2 миллиард сумлық капитал қаржы өзлестирилип, соннан 1503,7 миллиард сумы  тиккелей ҳәм 6835,5 миллиард сумы мәмлекетлик кепиллик астындағы сырт ел инвестицияларының ҳәм кредитлериниң есабына туўра келеди. Жол-транспорт ҳәм инженерлик тараўларында 284 миллиард сумлық қурылыс-монтажлаў жумыслары алып барылған. Социаллық инфраструктураны буннан былай да раўажландырыў бойынша 937,6 миллиард сумлық жумыслар әмелге асырылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл январь айында Қашқадәрья ўәлаятына сапары ўақтында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде 521 жойбарды әмелге асырыўға ҳәм 9 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыўға 2,9 триллион сум қаратыў режелестирилген.

Әҳмийетли социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўде халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң роли тилге алынды.Соның ишинде, кейинги еки жыл даўамында аймақлар ушын баслы социаллық-экономикалық әҳмийетке ийе болған 150 ден аслам мәселе жергиликли Кеңеслердиң сессияларында додаланған. Жергиликли Кеңеслер тәрепинен халықты тәшўишке салып атырған әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша 400 ден аслам лаўазымлы шахстың есаплары тыңланды, елимиз структураларының басшыларына 300 ден аслам депутатлар сораўы жиберилди.

Соның менен бирге, сенаторлар Қашқадәрья ўәлаятында жергиликли Кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға кери тәсир етип атырған бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенин ҳәм жергиликли Кеңеслер бар потенциалдан толық пайдаланбай атырғанын атап өтти. Додлаўдың жуўмақлары бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың, сондай-ақ, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўәлаятты раўажландырыў мәселелерин шешиў бойынша жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасы Бас министрине пуқараларға сырт елге шығыў биометрикалық паспортын рәсмийлестириў ҳәм бериў менен байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы жағдайы және бул тараўдағы ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кейинги ўақытта қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларына муўапық,  2019-жыл 1-январьдан баслап рухсатнама жазыўы стикерин рәсмийлестириў тәртиби бийкар етилди ҳәм сырт елге шығыў ушын Өзбекстан Республикасы пуқарасының сырт елге шығыў биометрикалық паспорты енгизилди. Бирақ орынларда өткерилген үйрениў бул бағдарда бир қатар машқалалар бар екенин көрсетпекте. Сонлықтан Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарына пуқараларға сырт елге шығыў биометрикалық паспортын рәсмийлестириў ҳәм бериў менен байланслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы және бул бағдарда ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳаққында парламентлик сораў жибериў зәрүрлиги жүзеге келди.

Буннан соң жоқары палата ағзалары Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министрине физикалық шахслардың көшпес мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў, оларды салыққа тартыўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳәм бул тараўда ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша парлемнтлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Атап өтилгениндей, «Мәмлекетлик кадастрлар ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик жер кадастры ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларында физикалық шахслардың кадастр объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў, мүлк салығын есаплаўдың ҳуқықый базасы қәлиплестирилди. Бирақ, бул бағдарда алып барылған үйрениўдиң нәтийжелери, пуқаралардың мүрәжатлары, социаллық тармақларда билдирилип атырған пикирлер талланғанда бул тараўда машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенин көрсетти. Бул болса Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министрине парламентлик сораў жибериў зәрүрлигин келтирип шығарды. Усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарына улыўма билимлендириў мектеплери сабақлықларының мәмлекетлик билимлендириў стандартлары талапларына муўапықлығы бойынша парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Атап өтилгениндей, елимиздеги 9,5 мыңнан аслам улыўма билим бериў мектебинде 5,8 миллион оқыўшы тәлим алады, оларға 20 дан аслам пән бойынша 445 мың педагог сабақ береди. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен 2017/2018 оқыў жылында «Ана тили» ҳәм «Математика» пәнлери бойынша өткерилген жазба бақлаў жумысларының нәтийжелери оқыўшылардың пәнлерди өзлестириўи зәрүр дәрежеде емеслигин көрсетти.

Елимиздеги министрликлер ҳәм уйымлар, педагоглар, сабақлық авторлары, илимпазлар ҳәм экспертлердиң пикирлерин үйрениў процесинде әмелдеги сабақлықлардың толық емеслиги оқыўшылардың өзлестириў дәрежесине тәсир ететуғын тийкарғы факторлардан бири екени анықланды. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарына улыўма билмлендириў мектеплери сабақлықларының мәмлекетлик билимлендириў стандартлары талапларына муўапықлығы бойынша парламентлик сораў жибериў зәрүрлиги жүзеге келди. Додалаў жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Он сегизинши жалпы мәжилис даўамында 23 мәселе, соның ишинде, 15 нызам көрип шығылды. Сенаторлар тәрепинен мақулланған Өзбекстан Республикасы нызамлары жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети