Онлайн. Қазақстанның Алмата қаласында «Мигрантлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў» темасына бағышланған 3 күнлик семинар-тренинг өткерилмекте.

Алмата қаласынан

ӨзАның хабаршысы хабарлайды

Илажға Тәжикстан, Қырғызстан, Өзбекстан ҳәм Қазақстан мәмлекетлериниң ҒХҚ және мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўәкиллери қатнаспақта.

Қазақстанның Ақтөбе қаласы РИКА-ТВ телекомпаниясында жумыс алып баратуғын журналист Марина Васильевна:

«Өзбекстаннан Қазақстан арқалы Россияға кетип баратырған мигрантлар Ақтөбениң суўық шараятын есапқа алмайды. Ақыбетинде олар жолда көп қыйыншылықларға дус келмекте. Сондай-ақ, көпшилик өзбекстанлы мигрантлар нызамды бузғанлығы себепли Россияға ўақытша кириў олар ушын қадаған етилгенин билмеген ҳалда жолға атланады. Россия шегарасына жетип келгеннен соң болса, ҳүжжетлери шекленгенинен хабардар болып, изге қайтыўға мәжбүр болады. Шегарадағы паспорт тексериўлеринде ҳәр бир адам кеминде 20 минут қалып кетеди», дейди Марина Васильева.

Өзбекстанлы мигрантлар арасында көп дәрамат ҳәм жақсы жумыс излеп, қолайсыз шараят ҳәм қуллыққа дус келип атырғанлар да бар. Мысалы, 2018-жылда 150 наманганлы Россиядан Өзбекстанға қайтарылған. Бул ҳаққында «Перспективалы әўлад» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң ўәкили Саидахон Алимова мәлим етти. Алимованың айтыўынша, олар алдаў жолы менен Россияға музлатқышлы камераларда ислеў ушын алып кетилген. Өзбекстанның «Перспективалы әўдал» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң жәрдеми менен олар Өзбекстанға қайтарылған.

Халықаралық миграция шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген Орайлық Азия журналистлериниң қатнасыўындағы семинар даўам етпекте. Онда көтерилген машқалалар ҳәм мигрантлар ҳаққындағы мағлыўматлар менен таныстырып барыўды даўам етемиз. Бизди бақлап барың.

ӨзА