26-фебраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде O’zLiDeP  Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» мәмлекетлик бағдарламасынан келип шығып, «Инновациялық технологияларды раўажландырыўда билимлендириў, илим ҳәм бизнес тараўларының өз-ара байланысы  мәселелери» атамасында семинар өткерилди.

Оған партия хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери, университет профессор-оқытыўшылары, студентлери ҳәм ғалаба хабар хызметкерлери қатнасты.

Илажда тийкарынан Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, әсиресе, исбилерменликтиң, сондай-ақ, ҳәр бир тараўдың раўажланыўында инновациялық технологиялар ҳәм идеяларды қәлиплестириў, билимлендириў, илим ҳәм бизнес тараўларында жаңадан ислеп шығылған инновациялық жойбарлар менен жаслардың белсендилигин арттырыў, оларға кеңнен түсиндириў ҳәм тийисли шөлкемлер менен бирге ислесиўди жетилистириў мәселелери додаланды.

Семинарды университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Илаж қатнасыўшыларына билимлендириў, илим ҳәм бизнес тараўларында жас излениўшилер тәрепинен ислеп шығылған инновацияларды таныстырыў болып өтти.

– Туризм – физикалық шахстың саламатлығын тиклеп, мәдений дем алыўы болып табылады,- дейди университет излениўшиси  Қ.Узақбаев. – Бүгинги күнде туризм дүнья еллериниң экономикасында тийкарғы хызмет көрсетиў тараўына айланған.  Ҳәзирги күнде елимиз туризмин раўажландырыўдың электрон ғалаба мәлимлеме қуралын жаратыў бойынша туристлик сайт ислеп атырман.

Мағлыўматларға қарағанда, 2018-жыл республикамызға келген саяхатшылардың саны  15 мың 274 адамды қураған болса, соннан сырт елли туристлердиң саны өткен жылға салыстырғанда  85 процентке артқанлығын көриўимизге болады.

Илаж жуўмағында 65 студент-жас партияға ағза болып, оларға партияның гүўалықлары тапсырылды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы