Дүнья жүзинде бүгинги күнде 250 миллион адам халықаралық мигрант, 740 миллион адам болса ишки мигрант есапланады.

Алмата қаласынан

ӨзАның хабаршысы хабарлайды

Жер жүзиниң 3,9 проценти 15 жастан үлкен болмаған мигрантларды қурайды. 20 жасқа шекем болған мигрантлар улыўма эмигрантлардың 15 процентин, яғный 37 миллионын қурайды. 250 миллион эмигранттың 24,6 миллионы (11 процент) ҒМДА мәмлекетлери халқына туўра келеди. Әйне Орайлық Азия аймағында болса 10 миллионға шамалас мигрант есапқа алынған.

Бул цифрлар Қазақстанның Алмата қаласында өтип атырған «Мигрантлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў» мәселелерине бағышланған регионаллық семинар-тренингте халықаралық миграция шөлкеми тәрепинен мәлим етилди.

ӨзА