Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 3-ноябрь күни өнерментшиликти буннан былай да раўажландырыў, өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин арттырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Елимизде өнерментшилик әзелден жақсы раўажланған. Балалықтан өнер үйрениў, жаратқан өними ҳәм мийнети менен адамларға пайда келтириў халқымыздың миллий қәдриятына айланған. Өнер түрлери әсирлер даўамында кеңейип, жаңа бағдарлар ҳәм мектеплер менен байып барған. Мағлыўматларға бола, бүгинги күнде елимизде өнерментшиликтиң 34 түри қәлиплескен.

Ғәрезсизлик жылларында миллий қәдриятларымызды тиклеў ҳәм раўажландырыў жолында жаратылған имканиятлар нәтийжесинде өнерментшиликтиң раўажланыўына кең жол ашылды. Республикалық «Өнермент» ассоциациясы, орынларда болса оның бөлимлери шөлкемлестирилди. Бир ўақытлары усталар менен өнерменилер өзлери дөреткен буйымларды сатыўда, таныстырыўда ҳәр қыйлы тосқынлықларға ушыраған болса, бүгин ҳәр бир районда ҳәм қалада өнерментлер орайлары жумыс алып бармақта. Базарларда ҳәм саўда комплекслеринде арнаўлы саўда орынлары шөлкемлестирилген.

Өнерментшилик әўладтан-әўладқа өтип киятырған династиялар жумысы қоллап-қуўатланбақта. Олар «устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында жас әўладқа үйретилмекте.

Өнерментшилик өтимли өнимлер ислеп шығарыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, халықтың, әсиресе, жаслардың, ҳаял-қызлар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан Президентимиз Шавкат Мирзиёев өнерментшиликти буннан былай да раўажландырыўға, өнерментлерди қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратпақта.

Мәжилисте халық өнерментшилигин ҳәм әмелий көркем өнерин раўажландырыў, олар тәрепинен өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў, усы тийкарда жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери додаланды.

Өнерментлердиң перспективалы жойбарларын қаржыландырыў, бул ушын оларға жеңилликли кредитлер ажыратыў, салаға халықаралық қаржы институтларының инвестцияларын тартыў зәрүрлиги атап өтилди. Өзбекистан Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы, «Микрокредитбанк» басшыларының ҳәм район ҳәкимлериниң биринши орынбасарларына аймақлардың өзине тән өзгешеликлери менен дәстүрлеринен келип шығып, районлар кесиминде анық реже ислеп шығыў, ҳәр бир өнерментке жетип барыў ўазыйпасы қойылды.

Өнерментлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў, оларға бос турған имаратларды жеңилликли түрде бериў, әсбап-үскене ҳәм шийки зат материаллары менен тәмийинлеў мәселелерине итибар қаратылды.

Өнерментлер орайларының жумысын кеңейтиў, олар ислеп шығарған өнимлерди қарыйдарларға жеткериўди аңсатластырыў бойынша көрсетпелер берилди. Атап айтқанда, қолы гүл усталардың өз өнимлерин базарлар менен супермаркетлерде сатыўы ушын кең имканият жаратыў зәрүрлиги, егер қәлесе өз шаңарағында дүкән ашыўы мүмкин екени атап өтилди. Турақлы саўда орнына ийе болмаған ўақтынша орынларда саўда ислеп атырған өнерментлерге саўда ислеў қағыйдалары тийкарында талап етилетуғын касса аппаратынан ҳәм саўда терминалынан пайдаланыў және коммерциялық банклерге саўдадан түскен нақ пулды инкассация етиў талаплары ықтыярлы түрде белгиленеди.

Мәжилисте берилген тапсырмаларға муўапық, ҳәр бир ўәлаятта арнаўлы көргизбелер ҳәм ярмаркалар шөлкемлестирилип, оларда өнерментлер бийпул қатнасады. Сондай-ақ, олардың шет мәмлекетлерде өткерилетуғын көргизбелерде, фестивальлар менен ярмаркаларда қатнасыўына көмеклесиледи.

Өнерментлердиң экспорт жумысы да хошаметленеди. Оларға өз өнимлерин экспорт етиўден түскен шет ел валютасын еркин басқарыў, соның ишинде, банк есап бетлеринен шет ел валютасын нақ түрде алыў ҳуқықы бериледи.

Өнерментшиликти раўажландырыў ушын «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында бул процесске жасларды тартыў, өнерментлерди шәкирт алыўға ҳәм өнерге үйретиўге хошаметлеў, жас өнерментлерге жумысын баслаўда ҳәр тәреплеме көмеклесиў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул бағдардағы жумыслардың көлемин еле де кеңейтиў, өнерментшиликке кредитлер ажыратыўды көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте  тараўға жеке исбилерменликти раўажландырыў, өнерментлерди қаржылай ҳәм шөлкемлестириў жумысларында қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер додаланды.

Тийисли шөлкемлердиң жуўапкер адамларына ўазыйпалар белгилеп берилди.

 

ӨзА