Жақында иске түскен «Nukus Polimer» ЖШЖға қараслы кәрхана усы жылдың 14-17-ноябрь күнлери аралығында Татарстан Республикасының Қазан қаласында өткерилетуғын көргизбе ҳәм бизнес-форумда өзиниң өнимлери менен қатнасыўға таярлық көрмекте.

Кәрхана республикамыздағы Шортан ҳәм Үстирт газ-химиялық комплексинен шығатуғын шийки зат – полимер өнимин қайта ислеп, узынлығы 12 метрлик, диаметри 16 миллиметрден 630 миллиметрге шекемги суў қубырларын, 16 миллиметрден 315 миллиметрге шекемги газ трубаларын ислеп шығарады.

Трубалар Қытайдың «Liansu» ҳәм Германияның «Siemens» компанияларынан алып келинген заманагөй үскенелерде таярланады. Әҳмийетлиси, кәрханадан шыққан шығындылар арнаўлы майдалаўшы аппарат жәрдеминде қайта исленип, труба шығарыўға арналған шийки зат таярланады.

Келеси жылы өнимлер қоңсы Түркменстан, Тәжикистан, Қырғызыстан, Қазақстан ҳәм Аўғанстан мәмлекетлерине экспорт етилиўи нәзерде тутылған. Сондай-ақ, 2018-жылдың май-июнь айларында қалта, полиэтилен пакетлер ислеп шығарылыўы режелестирилмекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы